Усы жыл 10-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы А.Орынбаев Елликқала районындағы көше бийлери менен ушырасты.

Атап өтилгениндей, халқымыз арасында көше бийлериниң орны, атқаратуғын хызмети ҳәм абырайы салмақлы болып келген. Өзлериниң даналығы, көпшиликке гәпи өтимлилиги менен де олар ажыралып туратуғын болған. Сонғы жыллары Президентимиздиң басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында кең түрде түсиник берилди.

Жақында ғана Қарақалпақстанға болған сапарында Президентимиз республикамыз халқыныӊ турмыс шараятын жақсылаў бағдарында бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды. Соныӊ ишинде  аймақларды абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 452 пуқаралар жыйыныныӊ ҳәр бирине 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылатылғанлығы, буныӊ  ушын өз алдына қор шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум қаратылатуғынын атап өтти.

Буннан тысқары, кадастры жоқ 47 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлк бойынша тийисли ҳүжжетлер ислеп берилетуғынлығы, халықтың талабын инабатқа алып, усы жылда 4 мың турақ жай қурылыўы, оған қосымша заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыўға 4 сотыхдан жер ажыратылыўы белгилеп берилди. Белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларды атқарыўда көше бийлеринен де айрықша жуўапкершилик талап етиледи.

Ушырасыў соӊында көше бийлери тәрепинен бир қатар пикир-усыныслар билдирилип, олардыӊ шешими қадағалаўға алынды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги