Усы жылдың 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған “Конституциямыз – бахтымыз тийкары” атамасында салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Онда Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Салтанатлы байрам илажында дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлады.

Илажда атап өтилгениндей, Конституциямыз – бул миллий ҳуқық системасының тийкарын қураў менен бирге, инсанлардыӊ ҳуқық ҳәм еркинлигин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып табылады.

Елимиздиң ғәрезсиз раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, әлбетте жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, социаллық- экономикалық тараўларда ерисилип атырған нәтийжелер – Тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлардыӊ нәтийжеси болып есапланады. Елимизде ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында узақты гөзлеген мәмлекетлик сиясат, ислеп шығылған нызамлар, Қарақалпақстан Республикасы бойынша айрықша қабыл етилген қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалар турмысымызда үлкен орын ийелеп келмекте. Бүгинги күнде республикамызда усы қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында үлкен қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, салмақлы дөретиўшилик басламалар әмелге асырылмақта.

Салтанатлы мәжилисте Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов байрамға бағышланған қосығын оқыды. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ студенти Д.Эгамбердиев жаслардыӊ билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ушын жаратылған шараятларға тоқтап өтти ҳәм бәршени байрам менен қутлықлады.

Илаж көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
















Қарақалпақстан хабар агентлиги