Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардың раўажланыўы, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде 7-апрель күни Сырдәрья ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Гулистан қаласында халық депутатлары Сырдәрья ўәлаятлық Кеңесиниң гезексиз сессиясында қатнасып, шығып сөйледи.

Президент сөзиниң алдында ўалаят халқының жоқары ўатансүйиўшилик руўхы менен мийнет етип, үлкен нәтийжелерге ерисип атырғанын атап өтти.

Соңғы алты жылда ўәлаятқа 30 триллион сум инвестиция тартылып, 6 мың 640 жаңа кәрхана иске қосылған. Бул арқалы 55 мың турақлы жумыс орны жаратылған, 17 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылған.

Сырдәрьяда да исбилерменлер көбейди. Алдын болмаған қурылыс материаллары, фармацевтика, былғары ҳәм азық-аўқат санааты сыяқлы жаңа тармақлар пайда болды. Атап айтқанда, қурылыс материалларында 274 жойбар әмелге асырылып, бул тармақ жаңа драйверге айланды. Ўәлаят санаатында бул тараўдың үлеси 7 проценттен артты.

Ўәлаят палыз өнимлерин жетистириў ҳәм оның экспорты бойынша да республикамызда биринши орында турады. Сырдәрьяда мәмлекетимиз электр энергиясының үштен бир бөлеги, былғары өнимлериниң 16 проценти ҳәм фармацевтика өнимлериниң 10 проценти ислеп шығарылады.

Өткен жылы октябрьде Президент сапарынан соң, Сырдәрьяны «жумыссызлықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў бойынша бағдарлама қабыл етилген еди. Бағдарламадағы илажлар ушын ўәлаятқа қосымша 2 триллин сум ажыратылды.

Соның ишинде, 20 мың халық жеңиллетилген кредит пенен тәмийинленди, 5 мың жумыссыз жасларға әсбап-үскенелер ушын грантлар ажыратылды. Сондай-ақ, 2 мыңнан аслам жаңа өнерменттиң жумысы жолға қойылды. 12 мыңнан аслам жаслар кәсип-өнерге оқытылды. Халықтың дийқаншылығы ушын қосымша 5 мың гектар жер ажыратылып, 10 мың халық дәраматлы жумыс пенен тәмийинленди.

Мәмлекетимиз басшысы ерисилген нәтийжелер енди тарийх екени, ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша имканиятлар еле көп екенлигин атап өтти.

Соның ишинде, Сырдәрьяның жер, суў ҳәм тәбият ресурслары бай. Халықтың жан басына егислик майданлары басқа аймақларға қарағанда 2-3 есеге көп. Ўәлаятта аўыл хожалығын суў менен тәмийинлеў дәрежеси де жоқары. Бул тараўға илим ҳәм инновация алып кирилсе, өним жетистириў көлемин ҳәм экспортты арттырыў мүмкин.

Сырдәрья республикамыздағы ең үлкен тутыныў базары – Ташкент қаласына жақын жайласқан. Сондай-ақ, ол еки қоңсы мәмлекет – Қазақстан ҳәм Тәжикстан менен қолайлы транспорт коридорына ийе.

Мәмлекетимиз басшысы бул имканиятларды иске қосып, Сырдәрьяны санаат, исбилерменлик, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм медицина бойынша «алдыңғы инновациялар аймағы»на айландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Бул бағдарда Қытай тәжирийбесине сүйениўге туўра келеди. Себеби бул мәмлекет усы тараўларда үлкен жетискенликлерге ерискен. Қалаберди, қытайлы инвесторлардың да ўәлаятқа қызығыўшылығы үлкен. Соңғы алты жылда олар менен бирге, Ширин қаласы, Мырзабад ҳәм Сырдәрья районларында 60 тан артық ири санаат кәрханалары ашылған. Ўәлаятқа 2022-жылдың өзинде 250 миллион доллардан аслам Қытай инвестициялары тартылған.

Мәжилисте Президентимиз Сырдәрья халқының абаданлығын және де арттырыўға қаратылған 5 жаңа басламаны жәриялады.

Бириншиден, алдыңғы инновациялар аймағында био-фармацевтика, қурылыс материаллары, аўыл хожалығы, азық-аўқат, электротехника, медицина, билимлендириў тараўларының 20 бағдарындағы жойбарларына айрықша жеңилликлер режими енгизиледи. Оған бола жер, мүлк, пайда ҳәм айланыс ушын салықлар ҳәм бажыхана бажыларынан 3 жылға шекем азат етиледи. Жер участкалары әпиўайыласқан тәртипте ажыратылады, жер ҳәм имаратларды сатып алыўда 5 жылға шекем бөлип төлеўге руқсат бериледи.

Сондай-ақ, Сырдәрьяда 500 миллион долларлық инвестиция есабынан Өзбекстан – Қытай биотехнологиялар кластери қурылады. Онда Қытайдың жетекши жоқары оқыў орынлары менен бирге Гулистанда халықаралық билимлендириў ҳәм изертлеў университети, инновациялық медицина клиникасы, Орайлық Азия геном орайы, онкологиялық кеселликлерди емлеў ушын Клетка терапиясы орайы шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, кластер тәрепинен заманагөй диагностика қурылмалары, инновациялық вакциналар, пробиотиклер ҳәм онкологиялық кеселликлер ушын дәри қураллары ислеп шығарылады.

Оның ушын 200 гектар жер ажыратылып, 10 мың студент ушын оқыў имаратлары, заманагөй кампус, лабораториялар, инженерлер мектеби шөлкемлестириледи.

Екиншиден, ўәлаяттың 11 район ҳәм қаласы Қытай модели тийкарында санаатқа қәнигелеседи, ҳәр биринде инновациялық технопарклер шөлкемлестириледи. Оларда электротехника, био-фармацевтика, химия, қурылыс материаллары, жипек ҳәм азық-аўқат санаатында инновациялық жойбарлар әмелге асырылады. Технопарклерге еркин экономикалық зона статусы бериледи ҳәм «бажыхана аймағында қайта ислеў» режиминиң әпиўайыласқан системасы енгизиледи. 2023-жылы технопарк инфраструктурасына 200 миллиард сум ажыратылады.

Инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын Сырдәрьяда «Өзбекстан – Қытай инвестициялық қоры» шөлкемлестириледи. Бул қор Қытайдың абырайлы Жипек жолы фонды ҳәм басқа да қаржы шөлкемлери менен бирге шөлкемлестириледи. Қорға 1 миллиард доллар инвестиция алып келинеди.

Үшиншиден, Сәрдәрьяда ең алдыңғы агротехнологиялар енгизиледи. Қытайдан ўәлаят ҳәкимине аўыл хожалығы бойынша мәсләҳәтшилер бириктириледи, ирригация ҳәм мелиорация системаларының модернизациясына инвесторлар тартылады.

Сондай-ақ, Қытай тәжирийбеси жәрдеминде Сайхунабадта қарамал ҳәм қусшылық эко-комплекслери, Мырзабадта интенсив анар, қаўын, пекан ғозасы ҳәм балықшылық плантациялары шөлкемлестириледи. Хавастта өсимликлерден тәбийғый бояўлар ислеп шығарыў қуўатлылығы, мийўе-овощты сақлаў, қайта ислеў ҳәм қадақлаў технопарки шөлкемлестириледи. Дузлы ҳәм суўсызлыққа шыдамлы егин түрлери, шарўашылық нәсиллерин жаратыў бойынша Қытайдың жетекши жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў жолға қойылады.

Төртиншиден, Сырдәрья мәмлекетимизди Қазақстан, Тәжикстан, Қытай ҳәм Аўғанстан менен байланыстыратуғын ири логистика хабына айландырылады. Оның ушын, қытайлы инвесторлар менен биргеликте республикамыздың шығыс ҳәм орайлық бөлимлерин сондай-ақ, сырт ел жөнелислерине байланыстыратуғын жаңа транспорт маршрутлары ҳәм мультимодал логистика орайы қурылады.

Булардан тысқары, жолларды қурыў, оңлаў ҳәм басқарыўға жеке меншик секторды тартыў да Сырдәрьядан басланады.

Бесиншиден, медициндағы реформалар нәтийжеси ҳәм тараўдағы имканиятларға сүйенип, Гулистан қаласы мәмлекетимиздиң «инновациялық медицина хабы»на айландырылады.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Президент Шавкат Мирзиёев Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими лаўазымына Акмалжан Маҳмудалиевтиң кандидатурасын усыныс етти.

А.Маҳмудалиев 1974-жылы туўылған. Көп жыллар мәмлекетлик уйымларда ислеп, үлкен тәжирийбе арттырған. Ферғана ўәлаятының Учкўприк районы ҳәкими, Наўайы ўәлаяты ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымларында жумыс алып барған. Ол өткен жылы ноябрьден баслап Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын атқарып келмекте.

Талабан лаўазымға тастыйықланыўынан алдын оның режелери тыңланды. Акмалжан Маҳмудалиев ўәлаятта исбилерменлик, санаат, аўыл хожалығын раўажландырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша режелерин мәлим етти.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, олар бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Улыўма алғанда, Сырдәрьяда социаллық машқалаларды шешиўге усы жылы мәмлекетлик бағдарламаларда нәзерде тутылған 685 миллиард сумға қосымша 380 миллиард сум, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға және 110 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Санаат, аграр тараў ҳәм исбилерменлик жойбарларына 1 миллиард доллар, инфраструктура қурыўға 105 миллион доллар тартыў бойынша тапсырма берилди.

Булардан тысқары, сырт ел инвестициялары тартылып, Сырдәрья ўәлаятын инновациялық аймаққа айландырыў ўазыйпасы қойылды.

Презентациядан соң ўәлаятлық кеңес депутатлары талабанның режелери бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Шөлкемлестириў мәселеси даўысқа қойылды. Оның нәтийжелерине бола, Акмалжан Маҳмудалиев Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Гулистан қаласындағы «Омон мед фарм» кәрханасында болды.

Бул жерде тийкарынан жергиликли дәрилик өсимлик ҳәм шийки затлардан жылына 2 миллион 400 мың қадақ фармацевтика өнимлери ислеп шығарылады.

Кәрханада таярланып атырған антибиотик, таблетка, ампулалы ҳәм инфузион дәри қураллары емлеўханалар ҳәм дәриханаларға жеткерип берилмекте. Сондай-ақ, өнимлердиң бир бөлегин қоңсы мәмлекетлерге экспорт етиў режелестирилген.

Кәрханада дерлик мың адам мийнет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың жумыс процеси, келешектеги режелери менен танысты.

Бул жуўапкершилиги шекленген жәмийет медицина кластери түринде раўажланбақта. Оның жанында поликлиника, мектеп ҳәм университет қурылмақта.

Президентимиз кәрханада таярланып атырған дәри түрлерин көбейтиў ҳәм экспорт етиўге әмелий жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берди.

Сырдәрья ўәлаятында ислеп шығарылып атырған фармацевтика өнимлери де таныстырылды.

Бүгин Сырдәрья фармацевтика санааты раўажланып атырған аймақлар рейтингинде жетекшилерден бири болып есапланады. 2022-жылы ўәлаяттағы 21 фармацевтика кәрханасы тәрепинен 393,8 миллиард сумлық 317 түрден артық өнимлер ислеп шығарылып, 3,3 миллион долларлық экспорт әмелге асырылған.

Бул жерде ўәлаяттағы 6 жаңа кәрхананы иске қосыў мәресими болды. Олар – Сырдәрья районындағы «Ривер Мед фарма», «Евроазия газ бетон», «Модерн Марбел», «Пенг Шенг Чарм», Сайхунабад районындағы «Ташкент сити голд блок» ҳәм Янгиер қаласындағы «Интер Трейдинг-груп» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери болып есапланады. Олардың басшылары видеобайланыс арқалы комплекслер потенциалы ҳаққында мәлимлеме берди.

Атап өтилгениндей, «Ривер Мед фарма» кәрханасында жылына 42 миллион инфузион дәри өнимлер таярланып, 250 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

«Евроазия газ бетон» қурылыс тараўына қәнигелескен. Ол жерде Нидерландия  технологиясы тийкарында жылына 450 мың куб газобетон ислеп шығарылады, 100 жумыс орны шөлкемлестириледи.

«Модерн Марбел»де жылына 800 мың квадрат метр мрамор бөлеклери таярланады.

«Пенг Шенг Чарм» жылына 1500 квадрат метр тәбийғый былғары ҳәм 468 тонна желатин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Олардың тийкарғы бөлеги экспортқа қаратылыўы режелестирилген.

«Ташкент сити голд блок» ҳәм «Интер Трейдинг-груп» жойбарлары 100 процент тиккелей сырт ел инвестициясы есабынан әмелге асырылған. Бириншисинде жылына 300 мың метр куб газоблок ислеп шығарылса, екинши кәрхана 45 мың тоннан ун таярлаў қуўатлылығына ийе.

Улыўма, бул кәрханаларда 600 ге шамалас жумыс орны жаратылады, олардың жумысы себепли ўәлаят өндирисине 37 миллиард сум, экспортына дерлик 30 миллион доллар қосылады.

Президент Шавкат Мирзиёев рәмзий түймени басып, жаңа кәрханаларды иске қосты.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен сәўбетлести.

Президент Шавкат Мирзиёев Гулистан қаласында Халима Худойбердиева атындағы дөретиўшилик мектебин барып көрди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимиздиң ҳәр бир аймағында жаслардың абырайын көтеретуғын көплеген жумыслар исленбекте. Мәселен, Ташкентте Абдулла Қодирий, Нөкисте Ибрайым Юсупов, Қаршыда Абдулла Орипов атындағы сыяқлы 9 дөретиўшилик мектеби шөлкемлестирилди.

Сырдәрья ўәлаятында да жасларға өрнек болатуғын белгили инсанлар көп. Олардан бири Өзбекстан халық шайыры Халима Худойбердиева болып есапланады. Ол теңсиз таланты, көркем терең ҳәм философиялық қосықлары, публицистикалық шығармалары менен өзбек әдебиятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан.

Шавкат Мирзиёев 2019-жылы Сырдәрья ўәлаятына сапары ўақтында марҳум шайырдың атын мәңгилестириў, талантлы жасларға шараят жаратыў мақсетинде дөретиўшиклик мектебин шөлкемлестириў усынысын билдирген еди. Буннан соң Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли қарары қабыл етилип, сол жылы декабрьде усы билимлендириў дәргайы пайдаланыўға тапсырылды.

Сапар ўақтында Президент мектепке кире беристеги Халима Худойбердиеваның естелигине гүл қойды. Шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған ықшам музейди көзден өткерди. Оқыўшылар Халима Худойбердиеваның қосықларынан үзиндилер оқып берди.

Дөретиўшилик мектебинде улыўма билимлендириў пәнлери менен бирге, ана тили ҳәм әдебият терең үйретиледи. Ҳәзирги ўақытта 7-11-классларда 180 талантлы жигит-қыз билим алмақта. Класслар, компьютер ханасы, лаборатория, спорт залы ҳәм жатақхана заманагөй үскенеленген. Мектеп китапханасында 3 мың 500 ден аслам көркем әдебиятлар жәмленген.


Муғаллим ҳәм зыялылар менен сәўбетте билимлендириўдиң сапасы, тараўдағы реформалар ҳаққында сөз болды.

– Биз биринши күннен билимлендириўдиң сапасын жақсылаўға, муғаллимлердиң дәрежеси ҳәм абырайын көтериўге ҳәрекет етип атырмыз. Бул ҳаққындағы нормаларды Конституцияда да беккемлеп атырмыз. Көрип турсызлар, заман қурамалы болып кетпекте. Қашан биз бул бәсекиге мүнәсип боламыз? Билимли болсақ. Соның ушын билимлендириўдиң мазмунын реформалап, жасларға шараят жаратып атырмыз. Заманлар өтеди, орталық өзгереди. Ҳәзирги қойылып атырған тырнақтың нәтийжесин халқымыз әлбетте көреди. Жасларымыздан және көплеген Бухарийлер, Берунийлер, Улығбеклер шығады,-деди Шавкат Мирзиёев.



Дөретиўшиклик мектеплерин университетлерге бириктириў, ўәлаяттағы мектеплер менен байланысын кеңейтиў, талантлы жаслардың китапларын басып шығарыў бойынша көрсетпелер берилди.



Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Сырдәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,

Шуҳрат СУЯРОВ,
ӨзАның хабаршылары