Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-апрель күни Россия Федерациясы Федераль Мажлиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко менен өткерген телефон арқалы сөйлесиўде жедел парламентлер аралық алмасыўларды даўам еттириў ҳәм жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыўда қатнасыўдың әҳмийети атап өтилди.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Валентина Матвиенконы туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық ҳәм бахыт-ығбал тиледи.

Еки мәмлекет парламентлери арасындағы, соның ишинде, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги нәтийжели бирге ислесиўдиң жеделлесип баратырғаны, Өзбекстан-Россия дослық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўге хызмет етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди

ӨзА