Гулистан қаласында халық депутатлары Сырдәрья ўәлаятлық кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтти.

Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Президент Шавкат Мирзиёев Сырдәрья ўәлаяты ҳәкими лаўазымына Акмалжан Маҳмудалиев кандидатурасын усыныс етти.

А.Маҳмудалиев 1974-жылы туўылған. Көп жыллар мәмлекетлик уйымларда жумыс ислеп, үлкен тәжирийбе арттырған. Ферғана ўәлаятының Учкўприк районының ҳәкими, Наўайы ўәлаяты ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымларында жумыс алып барған. Ол өткен жылы ноябрьден баслап Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими ўазыйпасын атқарып келмекте.

Талабан лаўазымға тастыйықланыўдан алдын оның режелери тыңланды. Акмалжан Маҳмудалиев ўәлаятта исбилерменлик, санаат, аўыл хожалығын раўажландырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бойынша режелерин мәлим етти.

Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Улыўма алғанда, Сырдәрьяда социаллық машқалаларды шешиўге усы жылғы мәмлекетлик бағдарламаларда нәзерде тутылған 685 миллиард сумға қосымша 380 миллиард сум, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыўға және 110 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Санаат, аграр тараў ҳәм исбилерменлик жойбарларына 1 миллиард доллар, инфраструктура қурыўға 105 миллион доллар тартыў бойынша тапсырма берилди.

Булардан тысқары, сырт ел инвестициялары тартылып, Сырдәрья ўәлаятын инновациялық аймаққа айландырыў ўазыйпасы қойылды.

Презентациядан соң ўәлаятлық кеңес депутатлары талабанның режелери бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Шөлкемлестириў мәселеси даўысқа қойылды. Оның нәтийжелерине бола, Акмалжан Маҳмудалиев Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими етип тастыйықланды.

ӨзА