Мәмлекет басшысы сессиядағы шығып сөйлеген сөзинде Сырдәрьяны санаат, исбилерменлик, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм медицина бойынша «алдынғы инновациялар аймағы»на айландырыў зәрүрлигин атап өтти.

– Инновациялық аймақта ҳәким, ўәлаят, район басшылары халық ҳәм исбилерменлерге шараят жаратыў бойынша ҳәр күни жаңалыққа умтылыўы, дүньяға көзқарасы өзгериўи керек.

Ўәлаятты инновациялық аймақта айландырыў ушын қайсы мәмлекет тәжирийбесин алып келиў бойынша көп ойладық. Тән алыў керек, кейинги жылларда Қытай санаат, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм медицинада мисли көрилмеген жетискенликлерге еристи. Қытайдың илим, инновация, инженерлик, электротехника, робототехника ҳәм 85 бағдарларында тәжирийбеси үлкен. Ең баслысы, Қытай бизге транспорт-логистика тәрепинен ең жақын ири базарлардан бири.

Қытайлы инвесторлардың да ўәлаятқа қызығыўшылықлары үлкен. Кейинги алты жылда қытайлы инвесторлар менен бирге Ширин қаласы, Мырзабад ҳәм Сырдәрья районларында 60 тан аслам ири санаат кәрханалары жумыс баслаған. Ўәлаятқа 2022-жылдың өзинде 250 миллион доллардан аслам Қытай инвестициялары тартылған. Бул ўәлаят инвестициясының дерлик 90 проценти.

Сол себепли, Сырдәрьяда барлық тараўларды раўажландырыўда Қытай тәжирийбесине сүйениўимиз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги