Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайында белгили художник Сәрсенбай Байбосиновтың «Энигма» атамасындағы жеке көргизбеси ашылды.
Онда «Шуҳрат» медалы ийеси, Қарақалпақстан халық художниги, Өзбекстан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, академик С.Байбосиновтың 100 ге шамалас ҳәр қыйлы жанрдағы картиналары көргизбеге қойылған.
Экспозицияда усынылған шығармалар атына ылайық (энигма грек тилинде жумбақ деген мәнисти билдиреди), өзине тән композициялық ҳәм реңлер шешимине ийе. Олар дөретиўшиниң көп жыллық излениўлериниң нәтийжеси болып табылады. Сүўретлерди тамашалап, ҳайран қаларлық сырды көргендей боласыз. Әсиресе, «Жети үй», «Ҳәўлиде қыс», «Закат», «Натюрморт», «Гүллер», «Гүрес», «Булақ» ҳәм басқа да мийнетлери инсанда айрықша қызығыўшылық оятады. Және бир әҳмийетли тәрепи, ҳәр бир шығарма мазмуны жағынан бир-бирин тәкирарламайды ҳәм өзине тәнлиги менен ажыралып турады. Бир картинада аралас мазмунлардың шеберлик пенен сәўлеленгени тамашагөйди қыял әлемине жетелейди. Айырымларында тамашагөй өзиниң дәртин, сезимлерин көргендей болады, шығармадан эстетикалық заўық алады.
Көргизбени өткериўден мақсет – тамашагөйлерди, әсиресе, жасларды белгили художниктиң дөретпелери менен жақыннан таныстырыў арқалы сүўретлеў өнерине болған қызығыўшылықларын арттырыў, шеберлик пенен таңланған реңлер гармониясы арқалы тамашагөйлерге эстетикалық заўық бағышлаўдан ибарат.
– Художник сыпатында жумыс баслағаныма быйыл 50 жыл болды, -дейди С.Байбосинов. – Шығармаларым кең аудиторияға мөлшерленген. Олардың айырымлары Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбе сарайы фондында, музейлеримизде, сырт ел ҳәм жергиликли жеке коллекцияларда сақланып келмекте.
Көргизбе бир ай даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери