И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде М.К.Соколовтың “Өтмиштеги художник”  атамасындағы көргизбеси ашылды.

Бул музей коллекциясында Михаил Ксенофонтович Соколовтың дөретпелери әҳмийетли орынды ийелейди.  Достысы, соның менен бирге, дөретпелериниң изертлеўшиси болған Н.М. Тарабукин оны өмирде ҳәм көркем өнерде романтик деп атаған. Көркем өнертаныўшы О.Ройтенберг оған “гөззаллық рыцары ҳәм әжайып саяхатшы, Москва художниклериниң арасында айрықша инсан, ол дүньяны өзиниң қыялында туўылған көринислери менен көреди”,-деп тәрийплейди.

М.К.Соколов 1885-жылы 6(18)-сентябрьде Ярославльда өнерментлер шаңарағында дүньяға келеди. 1898-жылдан 1904-жылға шекем Ярославль қаласында сүўретшилик мектебинде художник Пётр Александрович Романовскийден тәлим алады. 1904-жылы Строганов мектебине оқыўға кирип, устазлары С. В. Ноаковский ҳәм С. И. Ягужинскийлерден сүўретлеў өнериниң сырларын үйренеди.

1919-1922-жыллары Ярославль ҳәм Тверь мәмлекетлик көркем өнер устаханаларында сабақ береди. Бул дәўирдеги шығармаларда авангард бағдарының тәсири сезиледи.  Художник 1923-жылдан Москвада жасайды. 1925-жылы мәмлекетлик көркем өнер академиясында жеке көргизбеси қойылды. Бирақ кубистикалық режедеги жумыслардың қойылғанлығы себепли әўметке ериспеген.

Буннан кейин Москвадағы “1905-жылғы еслеў”  мектебинде сабақ берген. 1934-жылдан  Москва Художниклер аўқамының ағзасы болады. 1938-жылы 26-октябрьде айыплы деп табылып, 7 жыл мүддетке қамаққа алынады.  1943-жылы қыста оның денсаўлығы төменлейди. Сонлықтанда ол Москвада жасаў шәрти менен мүддетинен алдын азат етиледи. Рыбинсктеги Пионерлер үйинде сүўретлеў пәнинен сабақ береди. Ол 1047-жылы саратан кеселлигинен қайтыс болады.

М. К. Соколов  өзинен үлкен мийрас қалдырды. Олардың арасында Россия музейлеринде сақланып киятырған графикалық жумыслардың үлкен бөлеги бар. Живописьте де, графикада да цикллерде ислеген. Дәслепки дәўирлерде сызылған графикалық дөретпелеринен “Әўлийе Себастян”, “Цирк”, “Атлылар”, “Гөззал ханымлар”, кейинги дәўирлердеги “Шляпалар”, “Балықлар” ҳәм “Қуслар”  циклларын атап өтиўге болады.

И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи фондында художниктиң 306 шығармасы болып, олардың көпшилигин графикалық дөретпелери қурайды. Оның шығармаларының көпшилиги ҳаялы Н.В.Верешагина-Розанованың достысы Э. Д.Таненнбергтен алынған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги