Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы билимлендириў мәкемелеринде “Китап бизди бирлестиреди” фестивалы шеңберинде “Китапқумарлық ҳәптелиги” басланды.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декабрьдеги “2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарына муўапық ҳәр жылы апрель айының биринши ҳәптеси “Китапқумарлық ҳәптелиги” деп белгиленди.
Ҳәптеликтиң биринши күни жаңа китапларды таныстырыў, викториналар, социаллық тармақларда сораў-жуўаплар, микс таныстырыўлар, ушырасыўлар, театрластырылған байрам кешелери, китап көргизбелери, видеороликлер, челленж, вебинар, акциялар өткерилди.
Улыўма билим бериў мектеплеринде “Ашық есиклер күни” өткерилип, “Китапхана бойлап саяхат” илажы шөлкемлестирилди. Халықаралық балалар китабы күнине бағышланған видеороликлер көрсетилди.
“2-апрель – Халық аралық балалар китабы күни” мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы республикалык Балалар китапханасында өткерилген “Китап бизди бирлестиреди” темасындағы байрам илажы ҳәм “Перзентиме китап саўға етемен” акциясы бәршеде айрықша қызығыўшылық оятты. Театрластырылған бағдарламада оқыўшылардың қатнасында шоу викторина ойынлары, жазыўшы-шайырлар менен ушырасыўлар, балалар жазыўшысы Г.Х.Андерсенниң туўылған күнине бағышланып “Андерсен ҳәм балалар” темасында микс таныстырыўлар өткерилди. Сораў-жуўап ойынында балалар ертек китаплардан дүзилген сораўларға жуўап берди ҳәм жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланды. Усы күни қатнасыўшыларға “Китап мениң достымсаң”, “Китап миллетимиздиң бийбаҳа байлығы”, “Китап кеўил қуяшы” “Мениң сүйикли китабым” атамаларында көргизбелер усынылды. Белсене қатнасқан оқыўшыларға Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми тәрепинен саўғалар тапсырылды.
Илаж қатнасыўшыларына китапқумар оқыўшылар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы ҳәм сахна көринислери қойып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги