Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. Оны басқарма баслығы И.Казаков алып барды.

Басқарма баслығының биринши орынбасары Н.Бердиев шығып сөйлеп, басқарма ҳәм система шөлкемлери тәрепинен өткен жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, елимизде әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар менен өзгерислер, соның ишинде, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, олардың жумысларының нәтийжели болыўы ушын нызамшылық тийкарында жеңилликлер бериў, қолайлықлар ҳәм шараятлар жаратыў илажлары ең дәслеп инсан қәдирин улығлаўға, оның ҳуқықый мәплерин қорғаўға, тыныш абадан турмыста жасаўына хызмет етпекте.

Бажыхана уйымлары тараўына соңғы жылларда заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологиялардың кеңнен енгизилиўи тараў жумысларының нәтийжелилигин арттырып, бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўи процесслерин әпиўайыластырыў, оларға кететуғын ўақытты азайтыў, соның менен бирге, жумыс сапасының артыўына тийкар жаратпақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен өткен жыл даўамында баҳасы 364,6 миллион АҚШ долларынан аслам өним экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди. Улыўма баҳасы 636,7 миллион долларлық республикамыз сыртқы саўдасының 57,2 проценти товарлар экспортына туўра келмекте.

Республикамыздан тийкарынан полиэтилен, ийирилген жип, фармацевтика, химия санааты, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм мийўе-овощ өнимлери, тири ҳайўанлар ҳәм олардың ағзалары, жүн, тери ҳәм олардан таярланған буйымлар, шийше ҳәм оннан исленген буйымлар, тәбийғый қазылмалар, электротехника ҳәм оның бөлеклери Түркия, Қытай, Россия, Латвия, Қазақстан, Аўғанстан, Литва сыяқлы бир қатар мәмлекетлерге экспорт етилди.

Технологиялық әсбап-үскенелер, металлар ҳәм олардан таярланған буйымлар, химия санааты өнимлери, ағаш ҳәм тахтай, аўыл-хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери, транспорт ҳәм оның аўысық бөлеклери, нефть ҳәм нефть өнимлери сыяқлы улыўма баҳасы 272 миллион АҚШ долларына тең өним бажыхана тәрепинен импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.

2022-жыл даўамында басқарма тәрепинен бажыхана уйымларының өзиниң фискал ўазыйпаларын әмелге асырыўы шеңберинде бажыхана төлемлеринен 468 миллиард 108 миллион сумлық қаржының мәмлекетлик бюджетке өткерилиўи тәмийинленди.

Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерине бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў арқалы экспорттың көлемин көбейтиў ҳәм импортты оптималластырыў бағдарында қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге муўапық белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, бажыхана уйымлары тәрепинен өткен жыл даўамында Сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына жәми 360 миллиард 35 миллион сум муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылды.

Бул алдынғы жылдың усы дәўирине салыстырғанда исбилерменлик субъектлерине сыртқы саўда экономикалық жумысын әмелге асырыў ушын берилген жеңилликлердиң 91,5 миллиард сумға ямаса 34 процентке артқанлығын көрсетпекте.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги