Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң бөлим баслығы М.Мухаммадиев  Төрткүл районында болып,  қәнигелер менен биргеликте пуқаралардың қыйтақ жерлерден пайдаланыў барысы менен жақынна танысып,  машқалаларын үйренди.

Райондағы Пахташы аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары бүгинги күни қыйтақ жерлеринен өнимли пайдаланып келмекте.  Олар шаңарағын аўыл хожалығы өнимлерин менен тәмийинлеп, аўысқанын базарларға сатып, дәрамат алмақта.

Буны усы аймақтағы Ашурмат Давлиевтиң шаңарағы мысалынан көриўимизге болады. Ол 6 сотых жер майданынан помидор ҳәм басқа да дақыл жетистирмекте. Буннан тысқары, 2 сотых жеринде жүзим жетистирип,  80  куты пал ҳәрреси уясын, 3 бас нәсилли мал бағып атыр. Жер менен тиллескен ҳақыйқый дийқан аймақ турғынларына өрнек болып келмекте.

Мийманлар Уллыбағ аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы  “Дилнура Солижон” фермер хожалығының интенсив бағы менен танысты. Бул жерде Түркия мәмлекетинен алып келинген 2 мың түп мийўе нәли егилген. Жоқары өнимдарлы нәллер жергиликли климат шараятымызға бейимлестирилмекте.

Фермер хожалығы ҳәр бир қарыс жерден өнимли пайдаланыўға ҳәрекет етпекте. Атыз шетлерине тут нәллери егилген. Буннан тысқары пал ҳәррелери уялары жайластырылған. Келешекте бағдан мол өним жетистирип, халқымызды мийўе өнимлери менен тәмийинлеўди баслы мақсет етип алған.

Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң ўәкиллери районда қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланыў, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги