Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Шымбай районлық бөлими Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң районлық бөлими ҳәм ишки ислер бөлими хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илажда пахта майын ислеп шығарып киятырған жасырын цех анықланды.

Атап айтқанда, У.Н.  өзиниң үйинде жасырын цех ашып, төрт пуқара менен биргеликте жасалма майжуўаз үскенесинде пахта шигитинен инсан саламатлығы ҳәм өмири ушын қәўипли болған пахта майын ислеп шығарып атырғаны мәлим болды. Жасырын цехтан 1550 килограмм пахта шигити,  207 килограмм гүнжара,  15 килограмм пахта майы,  1 дана жасалма майжуўаз үскенеси, 25 килограмм “Аракс” жазыўлы сода айғақлы дәлил ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша Департаменттиң Шымбай районлық бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 1862-статьясы (шигиттен алынатуғын өнимди нызамға қайшы рәўиште ислеп шығарыў ҳәм айланысқа киргизиў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги