Мәмлекетимизге сырт  еллерден кирип киятырған ҳәр қандай товар-материаллық байлық, елимизден алып шығылып атырған өнимлердиң барлығы бажыхана уйымларының қатаң қадағалаўында болып келмекте.

Нызамшылықта белгиленген нормалардан зыят бөлегине бажыхана төлемлери өндирилип, мәмлекетлик бюджеттиң қәлиплесиўине үлес қосыў, бажыхана шегаралары арқалы алып өтилиўи қадаған етилген затлардың ҳәрекетине өз ўақтында шек қойып, дастурханымыздың мол болыўын тәмийинлеў менен бир қатарда жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў арқалы мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыўда бажыханашыларымыз тәрепинен бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен быйылғы жылдың январь-февраль айлары даўаиында өзлериниң фискал ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда бажыхана төлемлеринен елимиздиң бюджетине дерлик 82 миллиард сум муғдарында қаржы өткерилиўи тәмийинленип, бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 71 процентке өскен. Ҳүкиметимиздиң қарарларына муўапық исбилерменлик субъктлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде усынылған жеңилликлер шеңберинде басқарма тәрепинен есабат дәўиринде дерлик 69,6 миллиард сум муғдарында бажыхана төлеминен жеңиллик ҳәм преференция қолланылды.

2023-жылдың  январь-февраль айлары даўамында басқарманың шешимлерине тийкарланып 11 шөлкемге 46,3 миллиард сум муғдарында бажыхана төлемин кешиктирип төлеўге рухсат берилди. Бул болса өз гезегинде исбилмерменлик субъектлериниң аўырын жеңил етиўге, жумысын жолға қойып, жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етпекте.

Еки айдың жуўмағы бойынша республикамыз бойынша товарлардың сыртқы саўда айланысы 88,2 миллион АҚШ долларын қурады. Соннан, 44,7 миллион АҚШ доллары баҳасындағы товарлар экспорты әмелге асырылған болса, импорт товарлардың үлеси 49,4 процентке тең болды.

Есабат дәўиринде бажыхана басқармасы сыртқы экономикалық жумыс ҳәм аралықтан электрон декларациялаў постлары арқалы экспорт етилген товарлардың тийкарғы бөлеги пластмассадан исленген буйымлар, ийирилген жип, фармацевтика, химия санааты өнимлери, жүн, тери ҳәм олардан исленген буйымлар, аўыл хожалығы, мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат өнимлерине туўра келеди. Товарлардың импортында болса, металлар ҳәм олардан исленген буйымлар,  технологиялық әсбап-үскенелер, ағаш ҳәм тахтай, химия санааты, азық-аўқат, аўыл хожалығы ҳәм  нефть өнимлери, транспорт ҳәм оның аўысық бөлеклери қурайды. Елимиздиң исбилерменлери Россия, Қытай, Қазақстан, Беларусь, Түркия, Корея, Германия, Латвия, Бирлескен патшалық, Қатар ҳәм басқа да мәмлекетлер менен бирге ислесиўди жолға қоймақта.

Усы жылдың басынан берли басқарманың аралықтан электрон декларациялаў (АЭД) бажыхана посты тәрепинен жәми 2948 бажыхана жүк деклерациясы ресмийлестирилген болып, соннан экспортқа рәсмийлестирилгени 1819 ямаса 61,7 процентти қурап, өткен жылға салыстырған 3,3 процентке өскен. Усы бажыхана жүк деклерацияларының қәўипти басқарыў системасында 1 мың 675и “жасыл”,  957и “сары” ҳәм 316  “қызыл” жол арқалы рәсмийлестирилген.  Яғный, усы дәўирде басқарма қарамағындағы бажыхана постлары арқалы ҳәрекетленген сыртқа саўда жүклериниң дерлик 90 проценти бажыхана тексериўинен өткерилмеген ямаса әпиўайыластырылған бажыхана тексериўинен өткерилген болып, тек 10 процент жүклерге бажыхана тексериўи әмелге асырылған.

Жаратылған шараятларға қарамастан бажыхана төлемлеринен бас тартыў, хызметкерлерди шалғытыў, товарларды шегарадан нызамсыз алып өтиўге урыныўлар анықланбақта. Республикамыздың бажыханашылары тәрепинен еки ай даўамында 70  жағдайда улыўма баҳасы 1 миллиард 741 миллион сумлық товар-материаллық байлық  ҳуқықбузарлық зат сыпатында услап қалынды. Сондай-ақ, 90 миллион сумлық 886 литр сапасы кепилленбеген спирт  ҳәм жасалма усылда таярланған алкоголь ишимликлериниң нызамсыз айланысына шек қойылды. Сондай-ақ, нәшебентлик затлар менен байланыслы  2 жағдайда 5,61 гр героин  нәшебентлик заты, 50 дана “Баклосан” психотроп заты,  43 дана күшли тәсир етиўши “регапен”, 24 флакон “Тропикамид” дәри қураллары нызамсыз айланыстан алынды.

Бүгинги күни бажыханашылар да дәўир менен тең қәдем таслап, мәмлекетимиздиң раўажланыўын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында хызмет атқармақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги