Биз күнделикли турмыс ғалма-ғалы менен тиккелей жолға шығар екенбиз, мәнзилимизге бийқәтер жетип алыўды гөзлеймиз. Солайда болса, ҳеш биримиз ҳәрекет қәўипсизлиги менен кепилленбегенбиз. Жоллардағы азғана итибарсызлық өмиримиз ушын орны толмас өкинишке себеп болыўы мүмкин.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиндеги арнаўлы суд залында өткерилген гезектеги көшпели суд мәжилиси усындай авто авария жағдайына байланыслы болды.

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы Р.Назаровтың басшылығында, судья жәрдемшиси И.Мурзамбетовтың, Шоманай районы прокурорының аға жәрдемшиси А.Худайназаров, жәбирлениўши А.А.ның қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте гүманланыўшы М.Ш ның қарсысындағы жынаят иси көрип шығылды.

Ис ҳүжжетлерине бола, М.Ш өзиниң басқарыўындағы “Спарк” маркалы автотранспорт қуралын Нөкис қаласы Өзбекстан гүзары көшеси бойлап Орайлық дийқан базары тәрепинен 21-киши район тәрепке қарай басқарып киятырғанда әмелдеги “Жол ҳәрекети қағыйдалары”ның 11-бәнти киши “г” бәнтиниң “Ҳәрекетлениў процесинде пиядалар, әсиресе, балалар, майыплығы болғанлар, қарияларға ҳәм велосипедшилерге абайлы болыў керек”, 77-бәнтинде “Ҳәрекетлениў ўақтында автотранспорт басқарыўшы анықлай алыў имканиятындағы қәўип пайда болса, транспорт қуралының тезлигин ол толық тоқтатыўды тәмийинлейтуғын дәрежеде төменлетиўи ямаса тосықты басқа ҳәрекет қатнасыўшылары ушын қәўип туўдырмайтуғын ҳалда айланып өтиў илажларын көриўи керек” деп көрсетилген қағыйдаларға бойсынбастан, қәўипсизлик иләжларына әмел етпей, усы асфальт жолдың ортасындағы тосық бойлап киятырған пуқара А.А ны қағып жиберип, жол транспорт ҳәдийсесин ислеген. Ақыбетинде пуқара А.А дене жарақатын алып, емлеўхана жатқарылған.

Суд мәжилисинде, гүманланыўшы М.Ш, айыбына толық ықрарлығын, ислеген қылмысынан шын кеўилден пушайман екенлигин, бул кылмыстың ақыбетин түсинип жеткенлигин, жәбирлениўшиниң нызамлы ўәкилинен кеширим сорағанлығы, оның кеширим бергенлигин, ықтыярлы түрде жәбирлениўши А.А менен жарасқанлығын, ҳеш ким оларға басым өткермегенлигин айтып, жынаят исин оз-ара жарақсанлығы мүнәсибети менен тоқтатыўды сорап, көрсетпе берди.

Көшпели ашық суд мәжилисинде суд гүманланыўшы, жәбирлениўшиниң көрсетпелерин, олардың арзаларын, прокурордың пикирлерин тыңлап, ис материалларын үйренип, уйғарды. Яғный Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 266-статьясы 1-бөлиминде көрсетилген жынаятты ислегенликте гүманланыўшы сыпатында иске тартылған  М.Ш жынаят иси жынаят кодексиниң 661 – статьясына тийкарланып жынайый жуўапкершиликтен азат етилип, ис тәреплердиң өз-ара жарасқанлығы мүнәсибети менен ҳәрекеттен тоқтатылды. Сондай-ақ, жәбирлениўшиге Өзбекстан Республикасы Жынаят процессуал кодексиниң 583-статьясы 5-бөлимине муўапық бул жарасыў суд тәрепинен тастыйықланғаннан соң, усы ис бойынша ис жүргизиўди қайта тиклеў бойынша өтиниш хат бериў ҳуқықы жоғалатуғынлығы түсиндирилди.

Өткерилген ашық суд процесинде университеттиң юридика факультетиниң 2-курс студентлери қатнасып, олар өзлериниң теориялық билимлерин әмелиятта беккемлеў мүмкиншилигине ийе болды.

Расул НАЗАРОВ,

Жынаят ислери бойынша Шоманай районы суды баслығы

Қарақалпақстан хабар агентлиги