Халқымыз ушын кең имканиятларды жаратады

Тарийхта өзиниң жаратыўшаңлығы ҳәм дөретиўшилиги менен из қалдырып келген халқымыз жаңа Конституциямыздың да дөретиўшиси болды. Сонлықтан да, онда елимиздеги ҳәр бир пуқара өзиниң мәпин көре алады. Яғный, жаңаланған Нызамымызда халықтың ҳәр қыйлы қатламлары кекселер, жаслар, ҳаял-қызлар, майыплығы бар шахслар, социаллық жәрдемге мүтәж инсанлар бәрше-бәршесиниң ҳуқықлар менен еркинликлери, нызамлы мәплери жәмленген.

Атап айтқанда, Конституцияның биринши статьясында-ақ Өзбекстан pсуверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет» сыпатында тән алыныўы, сондай-ақ, онда мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелери менен байланыслы нормалар үш есеге артқаны инсанға итибар ҳәм ғамхорлықтың айқын белгиси.

Мәселен, мийнет ҳуқықлары бағдарында тек ғана ҳәр кимниң мийнет етиў, кәсип ҳәм жумыс түрин еркин таңлаў ҳуқықы емес, ал қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын қолайлы мийнет шараятларында ислеў, мийнети ушын ҳеш қандай кемситиўлерсиз сондай-ақ, мийнетке ҳақы төлеўдиң белгиленген ең аз муғдарынан аз болмаған түрде әдалатлы ҳақы алыў, жумыссызлықтан нызамда белгиленген тәртипте қорғаў ҳуқықы, сондай-ақ, мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары инсанның мүнәсип турмыс дәрежесин тәмийинлеў зәрүрлиги есапқа алынған ҳалда белгилениўи беккемленбекте. Бул оғада әдалатлы ҳәм халықшыл норма. Себеби, инсан жумыс пенен тәмийинлениўи менен бирге қәўипсиз, қолайлы мийнет шараятларында ислесе, алатуғын мийнет ҳақысы өзи ҳәм шаңарағының жасаўы, мүтәжликлери ушын жетерли болса әлбетте, бул жағдай онда тек ғана өз өмиринен емес, ал жәмийеттен разылық кейпиятын оятады.

Усы жерде бизге адамлардан келип түсетуғын мүрәжатлардың көпшилик бөлеги бәнтлик мәселеси болса, және бир бөлеги оларға усыныс етилип атырған жумыс орынларында мийнет ҳақының аз екенлиги ҳаққында болатуғынын атап өтиў керек. Бул машқаланың шешими Конституцияда беккемлениўин болса, әлбетте ҳәр бир пуқара қоллап-қуўатлайды. Сондай-ақ, бул бағдарда мәмлекетлик пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды жумыссызлықтан қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў илажларын көриў, пуқаралардың кәсиплик таярлығын ҳәм қайта таярланыўын шөлкемлестириў сондай-ақ, хошаметлеў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды өз мойнына алмақта.

Буннан тысқары, ҳәмиледарлығы ямаса баласы барлығы себепли ҳаялларды жумысқа қабыллаўдан бас тартыў, жумыстан босатыў ҳәм олардың мийнет ҳақысын азайтыў қадаған етилип атырғаны судтың қарары менен тайынланған жазаны орынлаў тәртибинен ямаса нызамда нәзерде тутылған басқа да жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнеттиң қадаған етилиўи, сондай-ақ, балалар мийнетиниң баланың денсаўлығына, қәўипсизлигине, минез-қулқына, руўхый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип салыўшы, соның ишинде оның билим алыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай түрлери қадаған етилиўиниң беккемленип атырғаны социаллық әдиллик принципиниң айқын көриниси болып есапланады.

Халық тәрепинен көтерилетуғын мәселелерден және бири бул – турақ жай мәселеси. Дурыс, елимизде кейинги жыллары жас шаңарақларды, социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды, ҳаял-қызларды жай менен тәмийинлеў бойынша анық илажлар белгиленип, жемисли нәтийжелерге ерисилмекте. Өткен жылы мәмлекетимизде 50 мың шаңарақ ушын квартиралар алыўға шараят жаратып берилгени оның мысалы болып табылады. Бирақ, мәмлекетимизде халық санының өсиўи менен бирге шаңарақлардың саны да артып бармақта. Бул өз-өзинен турақ жайға болған талапты арттырады. Соның ушын да быйыл елимизде 90 мың шаңарақты үйли-жайлы етиў режелестирилип атырған болса, жақын 2-3 жылда бул көрсеткишти 200 мыңға жеткериў мақсет етилмекте.

Сонлықтан, жаңа Конституцияда ҳәр ким үйли-жайлы болыў ҳуқықына ийе болыўы, мәмлекет турақ жай қурылысын хошаметлеп, турақ жайға болған ҳуқықтың әмелге асырылыўы ушын шараятлар жаратыўы, халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж категорияларын турақ жай менен тәмийинлеў тәртиби нызам менен белгилениўиниң нәзерде тутылып атырғаны халықтың үйли-жайлы болыўы ушын және де кең имканиятларды жаратады. Сондай-ақ, ҳеш ким судтың қарарысыз ҳәм нызамға қайшы түрде турақ жайынан айырылыўы мүмкин емеслиги, турақ жайынан айырылған мүлк ийелерине турақ жайдың баҳасы ҳәм ол көрген зыянлардың орны нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте алдыннан сондай-ақ, теңдей баҳада қапланыўының тәмийинлениўи ҳәзирги күн ушын оғада әҳмийетли мәселе.

Бизге белгили, социаллық мәмлекеттиң ең әҳмийетли өзгешеликлеринен бир бул – халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын мәмлекет тәрепинен қорғаў. Соның ушын да жаңа Конституцияда pМийнетке жарамсыз ҳәм жалғыз кекселер», майыплығы болған шахслар ҳәм халықтың социаллық жақтан жәрдемге мүтәж категорияларының турмыс сапасын арттырыўға, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста толық қатнасыўы ушын оларға шараятлар жаратыўға сондай-ақ, олардың тийкарғы турмыслық мүтәжликлерин еркин түрде тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған илажларды көриўи ҳәм майыплығы болған шахслардың социаллық, экономикалық ҳәм мәдений тараўлар объектлери менен хызметлеринен толық пайдаланыўы ушын шараятлар жаратыўы, олардың жумысқа жайласыўына, билим алыўына жәрдемлесиўи, оларға зәрүр болған мәлимлемени иркинишсиз алыў имканиятының тәмийинлеўи белгиленип атырғаны социаллық қорғаўдың ең әҳмийетли тәреплерин сәўлелендиреди. pНызамда белгиленген пенсиялар, напақалар ҳәм басқа да түрдеги социаллық жәрдемниң муғдарлары рәсмий түрде белгиленген ең аз тутыныў қәржетлеринен аз болыўы мүмкин емес»лиги әлбетте, кекселеримизге көрсетилген әдиллик нормалары менен беккемленген ғамхорлық болып табылады. Себеби, арамызда сондай шаңарақлар ямаса инсанлар бар олардың пенсия ямаса напақадан басқа дәрамат дәреги дерлик жоқ.

Жаңа Конституцияда Мәмлекет Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў ҳәм тиклеў, регионды социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша илажлар көреди» деп анық белгилениўи Қарақалпақстан халқын разы етиў ушын кейинги жыллары әмелге асырылған кең көлемли жумыслардың және де жоқары дәрежеге көтерилиўине ҳуқықый тийкар жаратады.

2022-2023-оқыў жылында қарақалпақстанлы 500 жас жоқары билимлендириў мәкемелерине қосымша квота тийкарында оқыўға қабыл етилгени, пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиябилетлер сатып алыўда 50 процентлик жеңиллик енгизилгени, исбилерменлик субъектлери ушын салық жеңилликлериниң берилгени, мектеплерде баслаўыш класс оқыўшаларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеп атырғаны сыяқлы көп ғана илажлар адамлардың миннетдаршылығына себеп болмақта.

Жаңа Конституциямызда және бир баптың (әмелдегисинен өзгеше түрде) Шаңарақ, балалар ҳәм жаслар мәселесине арналғаны ҳәм онда мәмлекет шаңарақтың толық раўажланыўы ушын социаллық, экономикалық, ҳуқықый ҳәм басқа да шараятлар жаратыўы белгиленип атырғаны шаңарағы ушын жанын беретуғын ҳәм балажан халқымыздың кеўлиндегидей ис болды. Себеби, ҳәр бир перзент шаңарақта камалға келеди. Оның пәк балалығы, әрманларға бай жас өспиримлиги, турмысқа дәслепки қәдем қоятуғын жаслығы өзи туўылып өскен шаңарағы қушағында өтеди. Солай екен, шаңарақ ҳәм оның ағзаларының мәплери ажыралмас ҳәм бир пүтин.

Улыўма алғанда, жаңа Конституциямызда өзиниң көринисин тапқан социаллық мәселелерге байланыслы ҳуқықый тийкарлардың өзи инсанның қәдирленип, турмысынан разы болып жасаўына хызмет етеди. Сонлықтан да оны пүткил халқымыз қоллап-қуўатламақта.


Назира МАТЯҚУБОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты.

Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги