2023-жылы мәжбүрий аттестацияға тартылыўы керек болған педагоглардың әмелдеги маманлық категориялары 2024-жылға шекем әмел етеди.
Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, 2023-жыл 1-январьдан Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў инспекциясының жумысы сапластырылып, оның тийисли ўазыйпалары менен функциялары Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине өткерилди.
Усы мүнәсибет пенен министрлик тәрепинен билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған педагог кадрларды аттестациядан өткериў ҳәм маманлық категорияларын бериў бойынша жаңа ашық-айдын ҳәм әдил система ислеп шығылып, 2024-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм мектептен тысқары билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрларына маманлық категориясын бериўдиң жаңа тәртиби енгизиледи.
Жоқарыдағыларды есапқа алып, жаңа тәртип енгизилген шекем 2023-жылы гезектеги мәжбүрий аттестацияға тартылыўы керек болған педагоглардың әмелдеги маманлық категориялары ҳаққындағы сертификатлардың әмел етиў мүддети гезектеги аттестация шөлкемлестирилгенге шекем созылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги