Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде өнермент  Қанша Кемалова ҳәм оның шәкиртлериниң мәденият ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшылары менен  «Қыз өрмеги сырлары» атамасында ушырасыў, өнермент тәрепинен шеберлик сабағы шөлкемлестирилди.

Илаж Қ.Кемалованың шәкиртлери А.Юсупова, И.Жолдасбаева, Р.Наўрызбаева ҳәм М.Аяпбергенова ҳәм басқалардың қол өнери мийнетлеринен ибарат көргизбеси менен басланды.

Атап өтилгениндей, елимизде өнерментшилик ҳәм халық көркем өнерин және де раўажландырыў, өнерментлерге еркин жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў,  миллий өнерментшилик өнимлерин ислеп шығарыў имканиятын арттырыў, бос жумыс орынларын жаратыў, сондай-ақ, аймақларды комплексли раўажландырыўда өнерментшиликтиң орны менен ролин арттырыў бағдарында ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм бийликлер қабыл етилди.

Бүгинги күнде елимизде сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып баратырған өнерлерди қайта тиклеў, бар ресурслардан пайдаланған ҳалда қол мийнети менен дөретилген өнерментшилеримиздиң мийнетлери тек елимизде емес, ал, сырт еллерде де кеңнен белгили болмақта.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеп интернатында 29 жылдан берли көркем өнердиң сырларын үйретип киятырған өнермент Қ.Кемалова қатнасыўшыларға өнерментшилик үлгилери, кестешилик ҳәм миллий кийимлердиң қалай таярланатуғыны ҳаққында мағлыўматлар берди.








Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабийбуллаевтың түсирген сүўретлери