Биреў келип түртпесе, қозғамаса, ямаса, айтпаса, өзлигинен келип шығып белгиленген ўазыйпасын атқармайтуғын немқурайды инсанлар арамызда елеге шекем көп екен.

Бундай адамлар туўралы биз алдыңғы мақалаларымызда да, анық мысаллар менен мағлыўматлар берген едик. Енди 8 жылдан берли комунналлық төлеми ушын өткерген пулын, өзиниң есап бетине усы күнге шекем өткерте алмай, сергиздан болған инсан туўралы айтсақ не дейсиз!

– Төрткүл районы Анхорлы МПЖда жасайтуғын пуқара Қ.Султанов буннан 8 жыл бурын, яғный, 2010-жылы электр тоги ушын 113 мың сум төлеген екен. Бирақ, бул ақша бүгинги күнге шекем оның есап бетине  түсирилмей келген. Буннан наразы болған пуқара Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының «Исеним телефоны»на мүрәжат етеди.

Усы мүрәжат өткен айда Төрткүл районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети тәрепинен көрип шығылып, 113 мың сум ақшасы Қ.Султановтың есап бетине өткерилип берилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының сектор баслығы Д.Дәўлетбаева.

Бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.