Елимизде барлық тараўларда алып барылып атырған кең көлемли реформалар халқымыздың өмиринде ҳәм күнделикли турмысында өзиниң айқын көринисин таппақта. «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген идея бул бағдардағы жумыслардың тийкарғы өлшемине айланып, халқымыздың жәмийетлик белсендилигин, олардың ертеңги күнге исенимин арттырмақта.

Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен турмысқа енгизилип атырған жаңа система-«Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде бизиң республикамызда да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Беруний районының  «Бийбазар» аўыл пуқаралар жыйыны, «Хорезм» ҳәм «Палваш» мәкан пуқаралар жыйынлары аймақларында жүргизилип атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары буның айқын мысалы болып табылады.

«Бийбазар» аўыл пуқаралар жыйынының «Пахташы» елатлы пункти районның ең шетинде жайласқан болып, бүгинги күни бул жерде 223 шаңарақ жасап келмекте. Жасыратуғыны жоқ, соңғы жыллары аўыл халқының күнделикли турмысында бир қатар машқалалар топланып қалған еди. Айырым турғынлар турақ жайларының жанына өзбасымшалық пенен түрли көринистеги, ҳеш қандай талап және нормаларға жуўап бермейтуғын нызамсыз қурылыслар қурып алған. Ишки жоллардың жағдайы ашынарлы ҳалатта.

Бүгинги күни елатлы пунктте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 8-августтағы «Аймақлардың жедел социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге байланыслы тийкарғы илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилген секторлар тәрепинен айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Елимиз басшысының басламасы менен басланған  иске бәрше жәмлескенлик пенен қатнаспақта. Аўылды абаданластырыў мақсетинде нызамсыз қурылыслар алып тасланып, аймақтағы 66 шаңарақтың турақ жайының төбеси ҳәм фасады, 157 шаңарақтың фасады оңланып, бояў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, 4,7 километр узынлықтағы автомобиль ҳәм ишки жолға қум-шағыл тас төселип, 1,5 километр узынлықтағы жолды оңлаў, 26-санлы улыўма билим бериў мектеби, 56-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң имаратларында қайта оңлаў жумыслары жүргизилмекте.

Бағдарлама бойынша қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары райондағы «Хорезм» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағындағы Кат көшесинде де алып барылмақта. Көшедеги 9 көп қабатлы турақ жайдың әтирапындағы нызамсыз қурылыслар алып тасланды. Турақ жайдың төбеси ҳәм фасады оңланбақта. Жайға кирер жердеги есиклер, подъездлери қайта оңланып, электр шырақлары орнатылмақта. Балалар спорт майданшасы, түнги жақтыландырыў шырақлары, автомобиль жоллары қурылмақта.  Пиядалар жүретуғын жолларға бетон қапламалары жатқарылмақта.

«Палваш» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 52-санлы улыўма билим бериў мектебиниң имараты, усы мектепке баратуғын 1,5 километр узынлықтағы асфальт жол, 700 метр узынлықтағы пиядалар жүретуғын жолдың қурылысы питкерилип, әтирапын абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Бундай қайырлы ислерге мәкан пуқаралар жыйынының турғынлары да белсене қатнаспақта. Аймақтағы фермер хожалықлары бул жумысларға қатнасып атырғанларды ыссы аўқат пенен тәмийинлеп, қайырлы ислерге өзлериниң үлеслерин қосып келмекте.

-Ҳақыйқатында да, көп жыллардан бери топланып қалған машқалалар Президентимиз басламасы менен әмелге асырылып атырған бағдарлама шеңберинде өзиниң унамлы шешимин таппақта,-дейди «Хорезм» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Бахтияр Абдуллаев.- Бир нешше миллет ўәкиллери бир шаңарақ ағзаларындай аўызбиршиликте жасап ҳәм мийнет етип киятырған аўыл турғынлары бундай саўап ислерден оғада миннетдар.

Жуўмақлап айтқанда, «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде алып бурылып атырған кең көлемли жумыслар халқымызды мийрим-шәпәәт, бир-биреўге ҳүрмет және жәмлескенликке шақырып, аўылларымыздың еле де көркем, халқымыз турмысының абадан, перзентлеримиздиң бахытлы келешегине хызмет  етиўи менен әҳмийетли.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.