Усы жылдың 17-март күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз қырқ екинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 30-апрель күни “Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы жойбары бойынша референдум болып өтетуғынлығы, жақында Президентимиздиң Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенат ағзалары, Жоқары суд басшылары менен ушырасқаны, Конституцияға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша халық тәрепинен келип түскен усыныслардың жуўмақлары бойынша мәсләҳәтлести.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатында, Конституциялық суд мәжилисинде Конституциялық нызам жойбары көрип шығылды. Халқымыз тәрепинен билдирилген барлық усыныслар Конституция жойбарында инабатқа алынған.  Соны айрықша атап өтиўимиз керек, жаңаланып атырған Конституцияда Қарақалпақстанның мәмлекетлик дүзилиси ҳәм сиясий системасы менен байланыслы бирде-бир статья өзгермеди. Конституцияның дерлик барлық тексти жаңаланып атырғанлығын инабатқа алып, Қарақалпақстанға тийисли алдынғы 70-75-статьялар жойбарда тийислисинше 85-90-статьялар сыпатында келтирилмекте. Себеби, Конституцияның статьялары 27 ге көбейип, статьялар саны 155 ти қурамақта.

“Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы Нызамға муўапық Референдум өткериўши округлик комиссиясы ағзалығына талабанлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына усынылыўы белгиленген. Усы мүнәсибет пенен сессия мәжилисиниң күн тәртибинде дәслеп Өзбекстан Республикасының референдумын өткериўши округлик комиссиясы ағзалығына талабанларды усыныў туўралы мәселе көрип шығылды.






Күн тәртибиндеги кейинги мәселе ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы бойынша 2022-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң есабаты туўралы мәселе болып, бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Б.Төребеков баянат жасады. Мәселе толық көрип шығылып депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

2022-жылдың екинши ярымында орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәлимлемеси туўралы мәселе бойынша Әдиллик министри С.Мамбеткадыров баянат жасады. Бул мәселени толық көрип шыққан депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Күн тәртибинде, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының сессиялар аралығында қабыл етилген қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды ҳәм бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.







Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз қырқ екинши сессиясы  өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги