Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл  29-марттағы «Өзбекстан Республикасында бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң жумысын шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, республикамыздағы барлық емлеў-профилактикалық мәкемелеринде «Саламат ҳаял айлығы» илажы өткерилмекте.

Усы жылдың 5-10-март күнлери аралығында аймақлық қәнигелердиң қатнасында медициналық тексериўлерден өтетуғын ҳаяллар лабораториялық тийисли анализлерин тапсырып, тереңлестирилген медициналық тексериўлерден өткерилди.

– «Саламат ҳаял айлығы»нда қатнасатуғын қәнигелердиң орынларда өткерилетуғын илажларды нәтийжели түрде әмелге асырыўы ушын барлық  шараятлар жаратылды. Үгит-нәсият жумысларының кең көлемде жүргизилиўи ушын ҳәр бир топар ультрадаўыс тексериў аппараты менен тәмийинленип, мағлыўматлар талқыланып барылды, арнаўлы буклетлер таярланды-дейди  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң аналық ҳәм балалықты қорғаў бөлиминиң бас қәнигеси З.Сийпатдинов.

Усы күнге шекем 91 мың 865 ҳаял медициналық тексериўлерден өткерилип, 44 мың 344 ҳаялда ҳәр қыйлы кеселликлер анықланды. Соннан, 33 мыңға шамаласы саламатластырылды, 3700 ден асламы контрацепция қуралары менен қамтылды.

Илаж 14-апрельге шекем даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.