Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинге Пүткил қытай халық ўәкиллери жыйынының 14-шақырық биринши сессиясында жоқары лаўазымға қайта сайланғаны мүнәсибети менен қутлықлаў жоллады.

Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўында соңғы жыллары Қытай Си Цзиньпин басшылығында барлық тараў ҳәм тармақларда мисли көрилмеген нәтийжелерге ерискени, илимий-технологиялық, инновациялық ҳәм социаллық раўажланыўда үлкен жетискенликлерди қолға киргизгени айрықша атап өтилген.

Халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық байланыслары, сиясий-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды пүткиллей жаңа – ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине көтериўге ҚХР Баслығының қосқан үлкен жеке үлеси атап өтилген.

Биргеликтеги ҳәрекетлер менен мәмлекетлеримиздиң көп тәреплеме бирге ислесиўи буннан кейин де халықларымыздың мәплери жолында жедел раўажланып баратуғынына исеним билдирилген.

Өзбекстан Президенти Си Цзинпиньге саў-саламатлық, шаңарақлық бахыт, жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысында үлкен табыслар, дос Қытай халқына болса тынышлық-татыўлық, даўамлы раўажланыў ҳәм абаданлық тиледи.