Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-март күни Қырғызстан Министрлер Кабинетиниң Баслығы – Президент Администрациясы басшысы Ақылбек Жапаровты қабыллады.

Ушырасыў алдында Ақылбек Жапаров мәмлекетимиз басшысына Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың қызғын сәлемин жеткерди.

Усы жылдың январь айында Бишкек қаласында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан – Қырғызстан кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў, экономика, саўда, энергетика, транспорт ҳәм логистика тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм аймақлар аралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Автомобиль қурылысында, пахта-тоқымашылық кластерлерин шөлкемлестириў, электротехника өнимлерин ислеп шығарыў, пайдалы қазылмалар кәнлерин биргеликте өзлестириў бойынша кооперациялық жойбарларды жедел пәтте әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ушырасыўда Қамбарата-1 ГЭСти биргеликте қурыўдың әмелий тәреплери додаланды. «Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан» темир жолының жойбарын жедел таярлаў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Усы жылы парламентлер, ҳүкиметлер, экспертлер, жәмийетшилик ҳәм жаслар дәрежесинде еки мәмлекет арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған бир қатар биргеликтеги илажларды өткериў мөлшерленгени атап өтилди.

Регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

ӨзА