Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-март күни Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң усы абырайлы финанслық институт президенти Цзинь Лицюнь басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Көп тәреплемели шерикликти және де кеңейтиўдиң әмелий жақлары көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда Банк пенен қатнасықларда жоқары дәрежеге ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бирге ислесиў портфели 2 миллиард долларға жетти. Транспорт, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм коммунал тараў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылмақта.

Азия инфраструктуралық инвестициялар банкиниң президенти Цзинь Лицюнь Жаңа Өзбекстандағы артқа қайтпайтуғын реформалар бағдарламасын жоқары баҳалады ҳәм оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

Банк кәмбағаллыққа қарсы гүресиў ҳәм бәринен бурын, аўыллық жерлерде жумыс орынларын жаратыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм жойбарларды аралас тәризде қаржыландырыў механизмлерин енгизиў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда Өзбекстан менен стратегиялық шерикликти раўажландырыўға умтылысы атап өтилди.

Орайлық Азия регионында стратегиялық әҳмийетли инфраструктуралық жойбарларды алға қойыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Кең көлемли бирге ислесиў шеңбериндеги жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеўге қаратылған жаңа орта мүддетли Шериклик бағдарламасы ҳәм «жол картасы»н ислеп шығыў бойынша келисип алынды.

ӨзА