Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-март күни Жәҳән банкиниң Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша вице-президенти Анна Бьерде басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Өзбекстан ҳәм Жәҳән банки топары арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди, сондай-ақ, усы жетекши халықаралық институттың мәмлекетимиздеги реформалар бағдарламасын әмелге асырыўдағы белсене қатнасын кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы Анна Бьердени жақында жаңа лаўазымға тайынланғаны менен қызғын қутлықлады ҳәм жуўапкершиликли жумысында үлкен табыслар тиледи.

Әмелий бирге ислесиўдиң жоқары пәти ҳәм нәтийжелилиги үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жыллары биргеликтеги жойбарлар портфели сезилерли дәрежеде кеңейип, 10 миллиард доллардан артты. Онда, 2017-жылдан кейинги дәўирдеги қаржыландырыў көлеминиң ярымы кейинги бир неше жылда ажыратылған. Бүгин Өзбекстан Банктиң ең ири бенефициарларының бирине айланды.

Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясының әҳмийетли бағдарларына тийкарланған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Шериклик бағдарламасы қабыл етилген ҳәм әмелге асырылмақта. Кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, энергетика тармағын трансфомациялаў ҳәм «жасыл» экономикаға өтиў, меншиклестириўди баслаў, сырт ел инвестицияларын тартыў стратегиясын ислеп шығыў, денсаўлықты сақлаў системасын қоллап-қуўатлаў ҳәм көплеген басқа бағдарларда сезилерли нәтийжелерге ерисилди.

Вице-президент Жәҳән банкиниң мәмлекетимиздеги артқа қайтпайтуғын реформалар стратегиясын буннан былай да қоллап-қуўатлаўға умтылысының исенимли екенин атап өтти.

Банк кәмбағаллыққа қарсы гүресиў, исбилерменлик жойбарларын раўажландырыў ҳәм қаржыландырыў стратегиясын ислеп шығыў, аўыл инфраструктурасы ҳәм орта қалаларды модернизациялаў, ҳаял-қызлар бәнтлиги ҳәм жаслардың кәсиплик тәлими, 2030-жылға шекем денсаўлықты сақлаў стратегиясын әмелге асырыў бойынша кең көлемли режелерге белсене жәрдемлесиў нийетинде.

Экономиканы карбонсызландырыў ҳәм альтернатив энергетиканы раўажландырыў, электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм узатыў тараўында мастер-режелер, энергетикалық нәтийжелиликти арттырыў бағдарламасы ҳәм айрықша жағдайларда энергосистеманың турақлы ислеў режимин ислеп шығыў, гидроэнергетика жойбарларына экспертлер жәрдемин ҳәм қаржыландырыўды тартыў бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.

Өзбекстанның климат өзгерислери ҳәм раўажланыўы бойынша мәмлекет есабынан додалаўға бағышланған биргеликтеги илаждың жуўмақлары жоқары баҳаланды.

Бюджетти қоллап-қуўатлаў, жер реформасы, аўыл ҳәм суў хожалығын қаржыландырыў нәтийжелилигин арттырыў сондай-ақ, мәмлекетлик банклер ҳәм кәрханаларды меншиклестириў бағдарламасын жеделлестириў бағдарындағы әмелий жумысларды даўам еттириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Реформалар ҳәм баслы жойбарларды әмелге асырыў ушын Жәҳән банкиниң «Мәмлекет платформасы»ның имканиятларынан кеңнен пайдаланылыўы атап өтилди.

Банк Орайлық Азияда турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған стратегиялық регионаллық жойбарларды әмелге асырыўда қатнасыўы зәрүр екени көрсетип өтилди.

Тийкарғы жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыўды тезлестириў бойынша биргеликтеги «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

ӨзА