Олий Мажлистиң жәмийетлик турмыстағы орны, роли ҳәм тәсирин күшейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ўәкилликлери парламентке өткерилмекте.

Атап айтқанда, Бас прокурор, Есап палатасы басшылығына талабанлар алдын Сенатта көрип шығылып, кейин Президент тәрепинен тайынланыў, сондай-ақ, монополияға ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў уйымлары басшыларын Сенат тәрепинен сайлаў әмелияты енгизилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги