«Бул Конституция тиккелей ислейтуғын ҳүжжет болмақта. Яғный, енди барлық пуқаралар ҳәттеки, өзиниң күнделикли турмысында да Конституцияға мүрәжат етеди. Ондағы барлық нормалар, оларды қандай әмелиятта қолланыўды ашып бериўши нызамшылық ҳүжжети бар ямаса жоқ екенлигине қарамастан, тиккелей ислейди.

Конституция нормаларын судларда тиккелей қолланыў әмелиятын жолға қойыў мақсетинде, бул мәселе бойынша Жоқары суд Пленумының қарарын қабыл етиўди усыныс етпектемиз»,-Ширинов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги