Усы жылдың 6-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенат ағзалары, Жоқары суд басшылығы менен ушырасыўы болып өткен еди. Ушырасыўда Конституцияға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша халқымыз тәрепинен келип түскен усыныслардың жуўмақлары бойынша мәсләҳәтлесиўлер исленген еди.

Ушырасыўда Президент ҳәкимлер бир ўақыттың өзинде халық депутатлары Кеңеслерине де басшылық етиўи бойынша қағыйданы бийкарлаўды еки басқышта шөлкемлестириўди усыныс етти. Бирақ буны ўақытты созбастан, имканы болғанынша тезирек әмелге асырыў зәрүр екенлигине итибар қаратты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги