Бас министрдиң кандидатурасын көрип шығыў ҳәм мақуллаў, Мәмлекетлик бюджетти қадағалаў, Есап палатасының есабатын көрип шығыў сыяқлы ўәкилликлер тиккелей халық тәрепинен тиккелей сайланатуғын Нызамшылық палатасының ўәкиллигине өткерилмекте. Бул өзгерис төменги палатаның ўәкиллик тәбиятына ҳәм алдыңғы сырт ел тәжирийбесине толық сәйкес келеди.

Әмелдеги тәртипке бола, Бас министрдиң кандидатурасын көрип шығыў тек ғана Нызамшылық палатасына сайлаўда ең көп даўыс алған ямаса партиялар уйымына байланысқан еди. Жаңадан усыныс етилип атырған тәртип арқалы болса барлық сиясий партия фракцияларының тек ғана Бас министрдиң кандидатурасын көрип шығыўда емес, пүткил Ҳүкиметти қәлиплестириўдеги қатнасы тәмийинленеди.

Жумысы қанаатландырарсыз деп табылған министрди лаўазымынан азат етиў бойынша Нызамшылық палатасының Президентке усыныс киргизиў ҳуқықының белгиленип атырғаны Ҳүкимет ағзаларының халық ўәкиллери алдындағы есап бериўин және де арттырыўға хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги