Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Ресубликасы Конституциялық нызамының жойбары додаланбақта. Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм суд-ҳуқық мәселелери комитетиниң баслығы Жаҳонгир Ширинов баянат жасамақта.

Атап өтилгениндей, жаңаланып атырған Конституцияда халықтың барлық қатламының мәплери инабатқа алынды. Конституциялық нызам жойбарының социаллық бағдарланғанлығы айрықша әҳмийетке ийе. «Өзбекстан – социаллық мәмлекет» деген конституциялық принцип беккемленип атырғаны ҳәм мәмлекеттиң социаллық тараўдағы миннетлемелерине байланыслы нормалар 3 есеге артып атыр.

Соның ишинде, Конституция жойбарының бир қатар нормаларында кәмбағаллықты қысқартыў, бәнтликти тәмийинлеў, жумыссызлықтан қорғаў, пенсия, напақа ҳәм басқа да социаллық жәрдемлердиң муғдары ең аз тутыныў қәрежетлеринен аз болыўы мүмкин емеслиги де белгилеп қойылмақта. Пуқаралар медициналық жәрдемниң нызамда кепилленген көлемин бийпул алыўға ҳақылы екени қатаң белгиленбекте.

Сондай-ақ, мәмлекетке халықтың социаллық жәрдемге мүтәж категорияларының турмыс сапасын арттырыў, майыплығы болған шахслардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста толық қатнасыўы ушын шараятлар жаратыў илажларын көриў миннетлемеси жүкленбекте.

М.Комилова,  

ӨзА