Үлкемизге кирип келген бәҳәр паслының дәслепки күнлеринде “Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў” жойбары шеңбериндеги “Бостан” каналының шығыс бөлегиниң ашылыў мәресими болып өтти.


Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Жәҳән банкининң миссиясы, республикамыздың ҳәм Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги басшылары, Қытайдың қурылыс компаниясының,  кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ашылыў салтанатында  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри Ш.Ҳамраев, Жәҳән банки миссиясының Европа ҳәм Орайлық Азияны турақлы раўажландырыў бойынша регионаллық директоры Саме Ваҳба ҳәм басқалар жойбар бойынша әмелге асырылған жумысларға тоқтап,  Президентимиздиң бул бағдардағы жумысларды даўам еттириў бойынша басламасы республикамыздың халқына көрсетилип атырған айрықша ғамқорлық екенлигин атап өтти. Бул ийгиликли жумысларға басшылық еткен Суў хожалығы министрлиги қәнигелерине ҳәм барлық қурылысшыларға миннетдаршылық билдирилди.





Атап өтилгениндей, “Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў” жойбарының улыўма баҳасы 374,2 миллион АҚШ долларын қурайды.  Жойбар бойынша улыўма узынлығы 70 километр болған “Бостан” каналының 35,2 километр бөлеги бетонластырылып, каналдағы гидротехникалық имаратлар ҳәм автомобильлердиң өтиў көпирлери қурылды. Баҳасы 44,94 миллион АҚШ доллары болған бул жумыслар Қытайдың  “China Railway 20th Bureau Group Co., Ltd.” Компаниясы тәрепинен алып барылды.

Жойбар быйылғы жылы толық иске түскеннен кейин  Елликқала районында 33 мың 200 гектар, Беруний районында 34 мың гектар, Төрткүл районында 32 мың
800 гектар, жәми 100 мың гектар суўғарылатуғын майданның суў тәмийнаты жақсыланады. 833 километр канал ҳәм 2000  гидротехникалық имарат  реконструкцияланады. Суў хожалығы министрлиги қарамағындағы 23 насос станциясы ҳәм фермер хожалықларының есабындағы 400 ден аслам насос агрегатының жумысы тоқтатылады.

Усының нәтийжесинде жылына 6,9 миллион АҚШ доллары муғдарындағы электр энергиясы ҳәм пайдаланыў қәрежетлери үнемленеди. Жойбарды быйылғы жылы толық питкерип иске түсириў режелестирилген.

Алдын Түйемойын суў сақлағышынан егислик майданларға шекем суў жетип бараман дегенше 48 процент суў жоғалып, яғный суўдың пайдалылық коеффициенти 52 процентти қурайтуғын еди. Реконструкция жумыслары жуўмақланғаннан соң жоғалтылатуғын суў муғдары 15 процентке шекем азайып, егислик майданларына суў жетип барыўы 85 процентке шекем көбейеди. Бул өз гезегинде дийқаншылық пенен шуғылланыўшы, қыйтақ жер ийелери, фермер ҳәм кластерлер ушын экономикалық жақтан айтарлықтай пайда келтиреди.

Суў жеткерип берилиўин тәмийинлеў бағдарында Президентимиздиң басламасы менен алып барылып атырған жумыслардың нәтийжесинде Қарақалпақстандағы суўғарылатуғын аўыл хожалығы егислик майданларына, пуқаралардың үй алды қыйтақ жерлерине суў жетип барыўы жақсыланбақта. Быйылғы жылы Түйемойын суў сақлағышында жыйналған суў муғдарының көбейиўи, ең алыс шетки аймақларға шекем ағын суўдың жетип барыўы, канал ҳәм арналарда суўдың мол ағып турғаны буның айқын мысалы есапланады.

Улыўма айтқанда, бүгинги күнде Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары нәтийжесинде тиришилик дәреги болған суў мол болып, ағын суў жетип барыўы машқала болған аймақлар басқышпа-басқыш суў менен тәмийинленбекте.





Қарақалпақстан хабар агентлиги