Ҳәзирги күнлерде барлық районларда шор жуўыў ҳәм ғәлле майданларын суўғарыў жумыслары әмелге асырылмақта. Бул илажлар ушын районлардың суўға болған талабы есапқа алынып, Әмиўдәрьяға быйыл 20-февральдан баслап секундына 1100 метр куб суў берилиўи басланды.

Суў хожалығы министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, бүгинги күнде Түйемойын суў сақлағышында 3 миллиард 778 миллион м3 суў бар. 2023-жылдың суўғарыў мәўсими ушын республикамызға жәми суў дәреклеринен 1 миллиард 500 миллион м3 cуў алыў лимити ажыратылған.

Суў сақлағышына 400 м3.сек. суў келип, 1155 м3.с. суў шығарылмақта. Соннан дәрьяға 800 м3.с. суў берилип, Тақыятас гидроузели алдына 542 м3.сек. муғдары жетип келмекте. 2023-жылдың 5-март жағдайына жәми дәреклерден 798,3 миллион м3. суў алынған.

– Бүгинги күнде 94 мың 332 гектар майдан шор жуўыўға таяр жағдайға келтирилип, 79 мың 505 гектар майданда шор жуўыў жумыслары алып барылды,-дейди Суў хожалығы министрлигиниң баспа сөз хаткери F.Атажанов.

Сондай-ақ, 2023-жылдың өними ушын жәми районлар бойынша 63730 гектар майданға ғәлле егилген болып, бүгинги күнге шекем жәми 24936 гектар майданда суўғарыў жумыслары әмелге асырылды. Соннан, 21466 гектарлық майдан бир мәрте, 3470 гектарлық майдан еки мәртеден суўғарылды.

Усы илажларды шөлкемлескенлик әмелге асырыў ҳәм суўды қәўипсиз өткериў бойынша министрликтиң арнаўлы мүрәжаты жәрияланды.

Онда суў хожалығы системасындағы барлық шөлкемлер, аўыл пуқаралар жыйынларының баслықлары, кластер-фермер хожалықларының басшылары, қыйтақ жер ийелери, сондай-ақ, районлардағы кең жәмийетшилик ўәкиллери  усы илажларға тартылған ҳалда суўларды қәўипсиз өткериў, шор жуўыў ҳәм суўғарыў жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериўде аймақтағы суўшыларға жәрдем бериў, айрықша жағдайлардың алдын алыўда белсене қатнасыў соралған.

Ҳәзирги күни орынларда шор жуўыў ҳәм суўғарыў жумыслары шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте. Бунда айрықша жағдайлардың алдын алыўдың барлық илажлары көрилмекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги