Халықаралық конгресс орайында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күнинен бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасып, мәмлекетимиз ҳаял-қызларына қутлықлаў жоллады.

– Бүгин ҳәр биримиз шексиз миннетдаршылық  сезими менен Жаратқанның уллы жаратыўшысы болған ҳаялға – меҳрибан аналарымыз, қәдирли апа-қарындасларымыз, дилбар қызларымызға ең гөззал сөзлерди айтыўымыз тәбийғый ҳал. Биз сизлерди бәринен бурын пидәкерлик тымсалы деп билемиз. Дәрьядай кеўлиңиз, ақылыңыз, муҳаббат ҳәм садықлығыңыз ушын сизлерден бир өмир қарыздармыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Ҳақыйқатында да, барлық тараўларда ҳаял-қызлардың айрықша орны бар. Бүгинги күнде ҳаял-қызларымыздың үлеси медицинада – 77 процентти, билимлендириўде – 74 процентти, экономика ҳәм санаат тармақларында болса 46 процентти қурамақта. 2 мыңға шамаласы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде басшылық лаўазымларында хызмет етпекте.

Егер 2017-жылы ҳаял-қызлардың басқарыў тараўындағы үлеси 27 процент болған болса, бүгинги күнде 33 процентке, сиясий партиялар қатарында 40 проценттен 47 процентке, исбилерменликте 21 проценттен 37 процентке жеткен.

Халқымыз алдындағы мүнәсип хызметлери ушын ҳаял-қызлардан 17 си ең жоқары сыйлық – «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы менен сыйлықланған. Ҳаял-қызларымыз арасында 5 академик, жоқары билимлендириў мәкемелериниң өзинде 700 ден аслам илим докторы, дерлик 3 мыңы илим кандидаты, сондай-ақ, ҳүрметли атақларға ийе болғанлар бар.

Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың турмыс ҳәм мийнет шараятларын жақсылаўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Усы мақсетте өткен жылы 872 мыңнан аслам ҳаял-қызлардың бәнтлиги тәмийинленгени, 250 мыңнан асламы мийнет базарында талап жоқары болған кәсип-өнерлер ҳәм исбилерменликке оқытылғаны атап өтилди.

Өткен жылы 14 мыңға шамалас ҳаял-қыздың турақ жай шараяты жақсыланған. «Ҳаял-қызлар дәптери» шеңберинде 642 мыңға шамалас ҳаял-қызға әмелий жәрдем көрсетилген.

Президент қызлардың сапалы билим алыўына тоқтап, жадид бабамыз Абдурауф Фитраттың «Аналар – пүткил инсанияттың тәрбияшылары болып есапланады» деген сөзлерин еске алды.

Кейинги жылларда бул бағдардағы шараятлар избе-из кеңейтилди. Егер буннан 6 жыл алдын жоқары оқыў орынларында 110 мың ҳаял-қыз билим алған болса, ҳәзирги күнде бул сан дерлик 500 мыңды қурамақта.



Жаңа тәртипке муўапық, магистратурада оқып атырған 10 мыңнан аслам студент-қызлардың контракт пуллары мәмлекет тәрепинен төлеп берилди. 65 мыңнан көбирек студент ҳаял-қызларға процентсиз тәлим кредити ажыратылды. Мүтәж шаңарақларда жасап атырған дерлик 2 мың қызлар, сондай-ақ, қәнигелиги бойынша бес жыллық мийнет стажына ийе болған 500 ден аслам ҳаял-қызлар жоқары оқыў орынларына өз алдына квота тийкарында оқыўға қабыл етилди.

– Қандай нызам ҳәм қарарларды қабыл етпейик, қандай реформаларды турмысқа енгизбейик, мәмлекет басшысы сыпатында мениң көз алдымда бәринен бурын, қәдирдан аналарымыз, меҳрибан апа-қарындасларымыздың келбети, олардың дәрти турады. Сиз, әзизлеримниң шаңарақ ағзалары менен тыныш-аман, саў-саламат, абадан ҳәм бахытлы турмыс кешириўиңиз, жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўыңыз ушын хызмет етиўди мен өзим ушын тек ғана тийкарғы ўазыйпа емес, ал абырайлы ўазыйпа, деп билемен. Себеби, шаңарақтың сүйениши, жәмийеттиң үстини болған аналарымыз, ҳаял-қызларымыз турмыстан разы болса, пүткил халқымыз турмыстан разы болады. Халық разы болса, Жаратқанымыз да бизден разы болады, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.



Өзбекстан Республикасы Президентиниң 6-марттағы пәрманына муўапық бир топар ҳаял-қызлар жоқары атақ, орден ҳәм медаллар менен, Президент қарарына муўапық 28 қыз Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықланған еди. Илажда усы жоқары сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан келген ҳаял-қызлар, түрли министрликлер ҳәм уйымлардың хызметкерлери пайызлы дастурхан әтирапында байрамды белгиледи.


Байрамда сырт елли дипломат ҳаял-қызлар, халықаралық шөлкемлердиң ўәкилханалары ўәкиллери де қатнасты. Мәмлекетимиз басшысы оларды да қызғын қутлықлады.

Байрам салтанатлы концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.















ӨзА