Усы жылы 7-март күни Нөкисте халық аралық Ҳаял-қызлар байрамына бағышланған байрам кешеси болып өтти.

Онда республикамыздың қала ҳәм районларынан келген нураний аналар, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелердиң жуўапкерлери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, ҳаял-қызларды байрам менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, халқымыз әзелден гөззаллық тымсалы болған әдиўли аналар менен дилбар қызларға айрықша ҳүрмет көрсетип, пидайылық ҳәм мийрим-шәпәәтти, өзгеше нәзиклик пенен гөззаллықты өзлеринде жәмлеген әжайып жаратылыс сыпатында қәстерлеп келген. Бул жоқары қәдирият бүгинги күни де улығланып, елимизде ҳаял-қызларға ғамқорлық көрсетиў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, жәмийетлик-сиясий турмыста белсендилигин арттырыў-мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан сананалады.

Әсиресе соңғы жыллары тиккелей Президентимиздиң ғамқорлығы менен гендер теңликке итибар қаратылып атырғаны, “Ҳаял-қызлар дәптери”ниң жолға қойылғанлығы, ҳаял-қызлар менен ислесиўде “Мәҳәлле кесиминде” системасының енгизилгени, исбилермен ҳаял-қызлар ушын жеңиллетилген кредитлердиң берилип атырғаны, жоқары оқыў орынларында қызлар ушын қосымша квоталардың ажыратылғаны, бир қатар критериялар бойынша шәртнама пулларының төлеп берип атырғанлығы, жәрдемге мүтәж ҳаял-қызлардың турақ жай менен тәмийинлениўи-булардың барлығы ҳаял-қызларымыздың ҳәмийше итибарда екенлигин және бир мәрте дәлиллейди. Атап айтқанда, Президентимиздиң басламасы менен республикамызда 970 ен аслам ҳаял-қыз турақ жай менен тәмийинленип, 21 мың 800 ден аслам ҳаял-қызға исбилерменлик жумысын баслаўы ушын дерлик 475 миллиард сум кредит ажыратылды. Жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында билим алып атырған 5500 қызға 42,7 миллиард сумлық шәрнама пулларын төлеў ушын 7 жыл мүддетке пайызсыз кредит ажыратылып, магистратурада оқып атырған 900 ге жақын қыздың шәртнама пуллары төлеп берилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 6-марттағы “8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында”ғы пәрманы менен өзиниң көп жыллық жемисли мийнети, бай тәжирийбеси менен бүгинги түпкиликли реформаларымызда белсене қатнасып, Жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздың абаданлығын жоқарылатыў жолында баслама ҳәм үлги көрсетип киятырған, шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлылық орталығын беккемлеў, перзентлеримизди ана Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға үлкен үлес қосып атырғаны ушын республикамыздан 6 ҳаял-қыз орден ҳәм медалларға миясар  болды. Сондай-ақ, байрам алдында айрықша таланты, зийреклиги, интакерлиги, оқыўдағы табыслары және билимлендириў, илим, әдебият, көркем өнер, мәденият, спорт тараўларында ҳәм жәмийетлик  жумыста ерискен айрықша жетискенликлери ушын бир топар қызлар, соның ишинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 3-курс студенти Ҳүрлиман Ниетбаева ҳәм Әмиўдәрья районындағы 35-санлы улыўма орта билимлендириў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Барно Самандарова Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды.

Салтанатлы кешеде бир топар пидайы ҳаял-қызларға  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен  ҳүрметли атақлар сыйлықлар, көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер  Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды. Сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстағы белсендилиги, өзлериниң жоқары нәтийжели мийнети менен ажыралып киятырған бир топар ҳаял-қызлар “Мўътабар аёл” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Сыйлықланғанлардың атынан шығып сөйлегенлер, ҳаял-қызларға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлығы ушын Президентимизге өз миннетдаршылықларын билдирди.

-Президентимиздиң басшылығында республикамыздың ҳаял-қызларын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта,-дейди “Соғлом авлод учун” қайырқомлық фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалының директоры, “Мўътабар аёл” көкирек белгиси ийеси Оразгүл Ембергенова. -Буның ушын бәрше ҳаял-қызлар атынан миннетдаршылық билдиремен.

Салтанатлы кеше республикамыз көркем өнер шеберлериниң байрам концерти менен даўам етти.

Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер  Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.