БМШ халықаралық жәрдемге ең мүтәж болған төмен раўажланған мәмлекетлерде өз потенциалын толық иске қосыў арқалы турақлы раўажланыўды жеделлестириўге итибар қаратпақта.
Қатардың Доха қаласында БМШтың төмен раўажланған мәмлекетлер бойынша жоқары дәрежедеги 5-конференциясынан гөзленген мақсет те усы.
Ҳәзирги ўақытта 46 мәмлекет төмен раўажланған мәмлекетлер категориясына киргизилген, олардан 33 и Африка мәмлекетлери есапланатуғынын атап өтиў керек. Бул дизим халықтың бас санына жалпы миллий дәрамат, инсан раўажланыў индексиндеги орны, экономикалық ҳәм экологиялық әззилик индексиндеги орны сыяқлы нормалар тийкарында ҳәр жылы жаңаланады.
Итибарлысы, бул конференцияда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация да қатнасты.
Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ)не ерисиўде Өзбекстан бай тәжирийбеге ийе. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Өзбекстанның ТРМге ерисиў бойынша өзине тән жолына тийкар салынды. Бул процесске мәмлекетлик ҳәкимияттың барлық тармақлары тиккелей тартылды. 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпалар белгиленди. Мине усы мақсетлердиң орынланыўына байланыслы түрде 2030-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген 125 ўазыйпа тастыйықланған.
Доха конференциясының қатнасыўшылары 2011-жылы қабыл етилген Стамбул ҳәрекетлер бағдарламасының қағыйдаларын баҳалаў, төмен раўажланған мәмлекетлерди халықаралық қоллап-қуўатлаў ҳәм бул процесске қосымша ҳәрекетлерди тартыў мәселелерин додалады.
Сондай-ақ, төмен раўажланған мәмлекетлер ҳәм олардың раўажланыў бойынша шериклери арасында структуралық раўажланыў машқалаларын ҳәм кәмбағаллықты сапластырыў, халықаралық көлемде келисилген турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм төмен раўажланған мәмлекетлер категориясынан шығыўын тәмийинлеўге итибар қаратылмақта.
Илажда конференция Президенти, БМШ Бас хаткери, Бас Ассамблеясының баслығы, Экономикалық ҳәм Социаллық Кеңес баслығы, кем раўажланған мәмлекетлер топарының баслығы, раўажланыў бойынша бирге ислесиўшилердиң ўәкиллери ҳәм төмен раўажланған мәмлекетлер жасларының ўәкиллери баянатлар менен шықты.
Конференцияда шығып сөйлеген Өзбекстан Сенатының Баслығы Танзила Норбоева COVID пандемиясы, барған сайын кескинлесип атырған глобаллық қарама-қарсылықлар, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги қәўип-қәтерлери, климат өзгериўиниң аянышлы ақыбетлери ТРМның толық орынланыўын және де қыйынластырып атырғанын атап өтти.
Усы көзқарастан келип шығып, төмен раўажланған мәмлекетлердиң санаат ҳәм хызметлер тармақларына киргизилип атырған инвестициялардың көлемин кескин көбейтиў, бул бағдарда YuNKTAD ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен биргеликте инвестициялық жойбарлардың бирден-бир базасын ҳәм онлайн картасын қәлиплестириў зәрүр. Олардың презентацияларын дүнья көлеминде турақлы өткерип барыў, мүтәж мәмлекетлер сыртқы базарларына шығыўдан заманагөй стандартлар, карантин ҳәм санитариялық талапларды орынлаў, электрон саўда системаларын раўажландырыўда ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем бериў, төмен раўажланған мәмлекетлерди арзан ҳәм сапалы аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери меен кепилликли тәмийинлеў сыяқлы усыныслар алға қойылды.
2022-жылы 17-мартта Нью-Йоркта БМШтың төмен раўажланған мәмлекетлер бойынша конференциясының биринши бөлиминиң жуўмақлары бойынша 2022-2031-жыллар ушын төмен раўажланған мәмлекетлер ушын Доха Ҳәрекетлер бағдарламасы мақулланған. Бағдарламаның жуўмақлаўшы тексти БМШ Бас Ассамблеясының 2022-жыл 1-апрельдеги резолюциясы менен тастыйықланған.
Конференцияда бул бағдарламаның әмелий орынланыўын тәмийинлеў мәселелери де додаланбақта. Конференция жоқары дәрежедеги тематикалық дөгерек сәўбетлерин де өз ишине алған болып, ҳәр бир сессияның қысқаша мазмуны конференцияның жуўмақлаўшы есабатында өз көринисин табады.
ӨзА