Нөкис қаласы аймағында жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм эпидемиологиялық илажлардың орынланыўын бақлаў жумыслары қалалық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен алып барылмақта.
Ал, басқарылатуғын инфекцияларға қарсы иммунопрофилактикалық шаншыў илажлары Қарақалпақстан Республикасы аймақлық перинатал Орайы ҳәм Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниң туўыў бөлими, қалалық медицина бирлеспесине қараслы 9 шаңарақлық поликлиника ҳәм Қаратаў емлеўхана филиалы емлеў-профилактикалық мәкемелер тәрепинен алып барылады.
2022-жыл даўамында Нөкис қаласы аймағында жуқпалы кеселликлерден иш сүзеги, паратиф «В», бруцеллез, қурөзек (дифтерия), көк жөтел (коклюш), менингит инфекциясы, қақсал (столбняк), ләң (полиемиелит), қызылша (корь), қызамық (краснуха), вируслы гепатит «Д», риккетсиозлар, Ку-ысытпасы, трихомоноз ҳәм аскаридоз кеселликлери дизимге алынбаған.
Өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы аймақлық перинатал Орайы ҳәм Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниң туўыў бөлими тәрепинен 9768 балаға шаншыў илажлары әмелге асырылған.
– Соннан, вируслы гепатит «В» ға қарсы 9603, туберкулез кеселлигине қарсы БЦЖ вакцинасы менен 9483 бала шаншылды,-дейди Нөкис қаласы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлиминиң врач-эпидемиолог иммунологи Замир Юлдашов.
Өткен жыл даўамында қалалық медицина бирлеспесине қараслы шаңарақлық поликлиникалар ҳәм Қаратаў емлеўхана филиалы тәрепинен полиомиелит кеселликлерине қарсы вакцина (ОПВ) менен режедеги 34253 баладан 99,3, ротавирус кеселлигине қарсы вакцина (РОТА) менен режедеги 12004 баладан 98,4, көкжөтел, дифтерия, столбняк, вируслы гепатит В, ХИБ инфекциясына қарсы (ПЕНТА) вакцина менен режедеги 21654 баладан 98,5, пневмакокк инфекциясына қарсы (ПНЕВМО) вакцина менен режедеги 21273 баладан 99,4 проценти шаншылды.
Сондай-ақ, Нөкис қаласы аймағында коронавирусқа қарсы шаншыў жумыслары бойынша да бир қатар жумыслар алып барылмақта. 2021-жылдың 1-апрель сәнесинен 2022-жыл 31-январь сәнеси аралығында жәми – 532861 вакцина жумсалды.
Соннан Astra Zeneka вакцинасы менен – 21670, ZF-UZ-VAK 2001 вакцинасы менен – 320807, Sputnik V вакцинасы менен – 14611, Модерна вакцинасы менен – 81533, Пфайзер вакцинасы менен- 67872, СИНОВАК вакцинасы менен 18400, Спутник Лайт вакцинасы менен 1060, Johnson & Johnson вакцинасы менен 6908 шаншыў илажлары өткерилди.
2021-жылдың ноябрь айынан 2022-жылдың 31-январына шекем толық вакцина курсын алған пухараларға 6 ай муддет өткеннен соң бустер доза (ревакцинация) менен 135257, екинши бустер доза менен 20366 пуқараға шаншыў әмелге асырылды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги