Аўғанстандағы жаўынгерлик ҳәрекетлерге қатнасып урыс майданында қаза болған ҳәм қан кешкен жаўынгерлер бирге ҳаўа ҳәм суўдай зәрүр болған тынышлықты сақлаў ушын ҳәрекет еткен.

Күни кеше 1979-1989-жылларда аўған урысында қатнасып қаза тапқан жаўынгерлеримизди еслеў мақсетинде, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң сәрдарлары «Ҳәсиретли ана» естелигине барды.




Илажда аўған урысында қатнасқан ўатанласларымыздың мәртлик ислери, халқымыздың кеңпейиллиги,  урыстың халық турмысына тийгизген кери тәсири ҳәм тынышлықтың қәдири ҳаққында мағлыўматлар берилди. Тынышлық тек ғана бир мәмлекет яки миллеттиң емес пүткил дүнья жүзиниң байлығы.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги тыныш ашық аспан астында жасаў бахтына миясар болып атырған жаслар әне усы тынышлықтың қәдирине жетиўи лазым.


Кәримжан Абибуллаев,

Бердақ атындағы ҚМУ дың журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги