Усы жылдың 14-16-февраль күнлери аралығында Германияның халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлиги менен биргеликте туризм тараўында ислеўши гидлер ҳәм туроператорлар арасындағы потенциаллы бирге ислесиўди тәмийинлеў мақсетинде 3 күнлик семинар-тренинг шөлкемлестирди. Семинарды «Mascontour» консалтинг компаниясының тәжирийбели эксперти, туризм бойынша мәсләҳәтшиси Мартин Петрих алып барды.

Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң усы бағдар бойынша билим алып атырған студент-жаслары да қатнасып,  оларда гидлердиң жумысы ҳәм тийкарғы ўазыйпалары, туристлик бағдарлама ҳәм сценарийлерди ислеп шығыў, туристлик дестинация бойынша кең түрде түсиниклер берилди.



– Қатнасыўшылар гидликке оқып атырған студентлер ҳәм гид сыпатында өзиниң жумысын алып барып атырған жаслардан ибарат екен, -дейди жойбар тренери М.Петрих. -Олар менен туристлерге объектлер ҳаққында мағлыўматты толық ҳәм сапалы жеткерип бериў, олардың қәлеўин есапқа алған ҳалда саяхатты шөлкемлестириў, гидлердиң әдеп-икрамлылық мәселелери ҳаққында сәўбетлестик. Жергиликли гидлер менен усы тараўда 25 жылдан берли жумыс ислеп киятырған қәниге сыпатында зәрүрли мағлыўматларым, тәжирийбелерим менен ортақластым. Инглиз тилин терең билиў усы тараў ўәкиллери ушын қәншелли әҳмийетли екенлигин түсиндирдим. Қарақалпақстанда И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер  музейи, Арал теңизи, Үстирт платосы сыяқлы көриўге арзыйтуғын орынлар көп. Гидлерден талап етилетуғыны туристлерди усы орынларға тартып, олардың мәмлекетте илажы барынша көбирек қалыўына ерисиў. Тек белгили орынларды көрсетип қоймастан, туристлерге қызық болыўы ушын жергиликли халық пенен таныстырыў, олардың жасаў жағдайын көрсетиў керек. Семинар шеңберинде мийманлар және усы елге келиўди қәлеўи ушын нелер ислеўимиз керек, деген сораў үстинде излендик.

Семинардың екинши ҳәм үшинши күнлери семинар қатнасыўшылары тренер басшылығында И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи, Орайлық дийқан базары, миллий өнерментшилик орайы, Бердақ атындағы мәмлекетлик музыкалы драма театры ҳәм басқа да дыққатқа ылайықлы орынларға барып, экскурсия шөлкемлестириў бойынша әмелий көнликпелерге ийе болды.

– Үш күнлик семинар даўамында халықаралық қәнигеден Қарақалпақстанда туризмди раўажландырыў бойынша баҳалы мәсләҳәтлер, мағлыўматлар алып, пикир-усыныслар билдирдик. Биз сыяқлы жас гидлердиң тәжирийбесин арттырыўда семинар-тренинг үлкен әмелият ҳәм имканият болды, -дейди Бердақ атындағы ҚМУдың гид жолдаслығы ҳәм аўдарма хызмети қәнигелиги студенти Әдилбек Қудайбергенов. –  Тренер М.Петрих туризм бағдарында теориялық және әмелий жақтан көп жыллық тәжирийбеге ийе қәниге болып, оның менен бирге пайтахтымыз бойлап саяхат еттик ҳәм бизлер Нөкиске басқаша көзқарас пенен қараўды үйрендик, туристлерди қызықтыратуғын орынларды белгилеп алдық.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги