Президент тәрепинен қол қойылған нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине қамақтағылардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында» ғы нызамға киргизилген қосымшаға бола, еркинен айырыўға ҳүким етилген шахслардың жазаны орынлаў мәкемелеринде жазаны орынлаў дәўиринде атқаратуғын ҳәр қандай жумысы, егер бул жумыс атқарылған дәўир ушын жазаны орынлаў мәкемеси тәрепинен социаллық салық төленген болса, пенсия тайынлаўда мийнет стажына қосып есапланады.
Сондай-ақ, Жынаят-атқарыў кодексине қамақтағылардың дүзелиў жолына өткенлигин анықлаў нормалары киргизилди. Қамақтағылардың дүзелиў жолына өткенлиги комиссия тәрепинен ҳәр шеректиң жуўмақларына бола төмендеги нормалардан бири тийкарында белгиленеди:
-қамалған адамның мийнетке ҳүжданлы түрде мүнәсибетте болыўы, белгиленген мийнет нормаларын орынлаў, саналы түрде еркин ислеў көнликпелериниң қәлиплескенлиги, оқыўға ҳәм кәсип-өнер үйрениўге қызығыўшылығы;
-қамалған адамның жазаны орынлаў мәкемелеринде шөлкемлестирилетуғын мәдений-ағартыўшылық илажлардағы қатнасы, оның басламасы, басқа тутқынларға үлги болыўға умтылыўы;
-қамақтағы адамның жазаны орынлаў мәкемесинде орнатылған ишки тәртип-қағыйдаларына әмел етиўи, оған хошаметлеў илажларының қолланылғанлығы, ҳәм интизамий жаза илажының қолланылмағанлығы.
Қамақтағы адамды дүзелиў жолына өткен ямаса өтпеген деп табыў ҳаққындағы жуўмақ комиссия тәрепинен рәсмийлестириледи ҳәм оның жеке топламына қосып қойылады.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
ӨзА