Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында 2023-жылғы Мәмлекетлик бағдарламасы жойбарын додалаў ҳәм оған пикир усыныслар билдириў бойынша ашық сәўбетлесиў өткерилди.
Илажда “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасы баслығының орынбасары Б.Косекеев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында белгиленген илажлар ҳәм ондағы бағдарлардың әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.
Мәмлекетлик бағдарлама жойбарына пуқаралардың пикир-усынысларын билдириўде “Юксалиш” улыўма миллий ҳәрекетиниң (Жамоатчилик.уз) онлайн платформасы жолға қойылған болып, платформаға жоқарыда көрсетилген электрон мәнзил арқалы кирип ҳәр ким өз идеялары, усынысларын билдириў, түсиндирмелер қалдырыў мүмкиншилигине ийе.
Әлбетте, пуқаралардың билдирген пикир ҳәм усыныслары 2023-жылғы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленетуғын илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўында әҳмийетли есапланады.
Илаж өз-ара пикир алысыў тәризинде даўам етип, қатнасыўшылар мәмлекетлик бағдарлама жойбары бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги