Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўы менен танысыў мақсетинде 10-февраль күни Жиззақ ўәлаятына барды.

Сапардың бағдарламасындағы биринши мәнзил Пахтакор районындағы «Пахтакор элита туқымгершилиги» фермер хожалығы болды. Хожалық майданы 100 гектар болып, соннан 80 гектарында пахта ҳәм ғәлле, қалған бөлиминде соя, чеснок, жоңышқа егилген.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы октябрьде Сырдәрья ўәлаятында болғанында атыз шетлериндеги жерлерден пайдаланыў, фермерлер менен жумысшыларға қолайлық жаратыў ушын дала үйлерин қурыў зәрүр екенлигин айтқан еди. Оның орынланыўы ҳәм нәтийжеси усы фермер хожалығында көринди. Атыз шетине тут, жүзим, палыз ҳәм собықлы өнимлер егилген, пал ҳәрре уялары қойылған. Жеңил конструкциялардан дала үйи қурылған, оның төбесинде қуяш панеллери орнатылған.

Президентимиз усы үйди кирип көрди, фермердиң шаңарағы менен сәўбетлести.

Аўыл хожалығы тараўының жуўапкерлери ҳәм пахта-тоқымашылық кластерлериниң басшылары менен сөйлесиўде өнимдарлықты арттырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша көрсетпелер берилди.

– Биз неге байлығымыз болған жерди кластерлерге бердик? Халыққа пайдасы тийиўи ушын. Енди кластерлер реформаларға мүнәсип болып, мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўы керек. Аўыл хожалығын санаатластырыў, кәрханалар ашыў ҳәм жумысты үйге бөлип ислеў арқалы өзиниң аймағында жумыссызлықты азайтыў зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳәммемизге белгили, елимизде жумыссыз пуқараларға дийқаншылық ушын жерлер ажыратылмақта. Жиззақ ўәлаятында бул арқалы 13 мыңнан аслам жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мөлшерленген.

– Бир ўақытлары 1 гектар жерди халыққа бериў мүмкин емес еди. Ҳәзир 200 мың гектар ажыраттық. Не ушын? Адамларға дәрамат дәреги болыўы ушын. Енди «шаппат еки қолдан шығыўы» керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Фермерлердиң мәпдарлығын тәмийинлеў, мәҳәллелердиң «өсиў ноқатлары»н қоллап-қуўатлаў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА