Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Реймов өзи сайланған аймақтағы Жуўазшы МПЖ турғынлары менен ушырасыў өткерди.

Онда Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақстан Республикасы  У.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының бас шыпакери Э.Абдуллаев, “Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы” АЖ директоры А.Нурымбетов, “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты Нөкис қалалық филиалының баслығы ў.ў.а Р.Өтегенов ҳәм мәҳәлле турғынлары, көше бийлери қатнасты.

Дәслеп депутат халық тәрепинен көтерилген машқалаларды тыңлап, олардың пикир-усынысларына итибар қаратты. Ушырысыўда мәҳәлле турғынлары ҳәр қыйлы мәселелер бойынша депутатқа мүрәжат етип, соның ишинде, инфраструктураны жақсылаў, газ, электр энергиясы, ишимлик суўы тәмийнаты, жол қурылысы сыяқлы мәселелер додаланды.


Депутат пуқаралар тәрепинен билдирилген ҳәр бир мәселеге айрықша итибар қаратып, оларды шешиў бойынша тийисли илажлар режелестирилетуғынын атап өтти. Соның менен бирге, айырым мәселелерди өзиниң қадағалаўына алатуғынын ҳәм машқалаларды тийисли уйымларға жеткеретуғынын айтты.

Ушырасыў қызғын пикирлесиў руўхында өтип, халық ҳәм депутат арасындағы өз-ара исенимди беккемлеўге хызмет етти. Ушырасыў даўамында депутат аймақты буннан былай да раўажландырыў бойынша халықтың усынысларын да қабыл етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги