Бас прокуратураның Пуқаралық суд ислерин жүргизиўде прокурордың ўәкиллигин тәмийинлеў басқармасы тәрепинен 2022-2024-жылларда пуқаралық судларында  салық системасы уйымларына жумысқа тиклеўге байланыслы көрилген ислер ҳәм мийнет  нызамшылығына әмел етилиўи жағдайы талланды.

Анықланыўынша , судларда бул бағдарда улыўма 77 ис көрилген ҳәм соннан 50 хызметкер менен дүзилген мийнет шәртнамасын бийкар етиўде нызам талаплары бузылғанлығы себепли суд қарарларына тийкарланып олар жумысқа тикленген.

Суд қарарлары менен жумысқа тикленген шахсларға мийнет ҳақы ҳәм жеткерилген руўхый зыян ушын 1 миллиард 69 миллион сум ҳақы ҳәм руўхый зыян өндириў белгиленип, соннан 841 миллион сум төлеп берилген.

Прокуратура уйымлары тәрепинен салық системасы жуўапкер ҳәмелдар шахсларынан 186 миллион сум мәмлекетке жеткерилген зыянды регресс тәртибинде  мәмлекеттиң пайдасына қайтарып өндириў ҳаққында пуқаралық ислери бойынша судларға 40 прокурордың даўа арзалары киргизилиўи тәмийинленген.

Соның менен бирге, мийнет нызамшылығы талаплары бузылғанлығы бойынша Салық комитети баслығының атына усыныс киргизилип, басқарма хызметкерлери  ҳәм жуўапкердиң қатнасыўында додаланды.

Додалаў даўамында нызам талапларына толық әмел етиў бойынша  көрсетпелер берилди.

Н.Абдураимова, ӨзА