Елимизде Ҳажы ҳәм Умра сапарлары бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, шөлкемлестириў илажлары, санластырыў процесслери ҳәм өзбекстанлы зыяратшылардың тәртип-интизамы Саудия тәрепинен жоқары баҳаланбақта.
Өзбекстан делегациясы Саудия Арабстаны Ҳажы ҳәм умра министрлиги басшылығы арасында Жидда қаласында сөйлесиў болып өтти. Онда Ҳажы ҳәм умра министри доктор Тавфиқ бин Фавзон ар-Рабиа, Дин ислери бойынша комитет баслығы Содиқжан Тошбоев, Өзбекстан мусылманлары уйымының баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар, «Ҳаж» ҳәм «Умра» ислери бойынша атташе Шуҳрат Амонийдиң қатнасыўында өз-ара байланыслардың перспективалары ҳәм «Ҳаж-2025» мәўсимин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў додаланды, делинеди Өзбекстан мусылманлары уйымының мағлыўматында.
Ушырасыў алдында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Еки муқаддес мешит хызметкери, Саудия Арабстаны Патшасы Салмон бин Абдулазиз Ол Сауд арасындағы дослық қатнасықлар жедел раўажланып атырғаны, зыяратшыларға үлгили хызмет көрсетилип атырғаны айрықша атап өтилди.
Әсиресе, Ҳажы квотасы бурынғыға қарағанда 2 есеге арттырылғаны, кейинги жети жылда 60 мыңнан аслам ўатанласымыз бул әмеллерди орынлағаны жоқары баҳаланды. Умра сапарлары ушын шеклеўлер алып тасланғаны ҳәм нызамлы тәртипке салынғаны атап өтилди.
Тавфиқ бин Фавзон ар-Рабиа Жаңа Өзбекстандағы реформаларды атап өтиў менен бирге елимизден тек ғана Ислам уламалары емес, ал дүнья цивилизациясына үлкен үлес қосқан Ибн Сина, ал-Хорезмий сыяқлы уллы ойшыллар, илим ғайраткерлери жетисип шыққаны ҳәм бүгинги өзгерислер және усындай илимпазлардың шығыўына тийкар болатуғынын атап өтти. Сөйлесиў жуўмағында тәреплер арасында өз-ара естелик саўғалары алмасылды.
А.РУСТАМОВ, ӨзА