Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Бирлескен Араб Әмирликлеринде мәмлекетлик рәсмийлер ҳәм ири компаниялардың басшылары менен ушырасыўлар өткермекте.

Сөйлесиўлерде энергетика, инфраструктура, жасалма интеллект тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў, биргеликтеги инвестициялық жойбарлар топламын байытыў имканияты ҳәм еки тәреплеме қатнасықты беккемлеўге байланыслы басқа мәселелер көрип шығылмақта.

Мәселен, транспорт-логистика, мәлимлеме технологиялары, аўыл хожалығы, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, инфраструктура бағдарларындағы бир қатар компаниялардың басшылары менен сөйлесиў ўақтында байланысларды кеңейтиўге келисип алынды. Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принципи тийкарында бир қатар жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў имканияты додаланды.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА