Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм  Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының пайтахты Нөкис қаласы бойлап “Жаңа Өзбекстан армиясы – мәмлекет таянышы, халқымыз мақтанышы!” сүрени астында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў, Ишки ислер ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлери ҳәм Миллий гвардияның жаўынгер бөлимлериниң сап тартып жүриўи шөлкемлестирилди.

Нөкис гарнизоны әскерий оркестри тәрепинен атқарылған нама сеслери астында болып өткен Ўатан қорғаўшыларының көргизбели жүриўи 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күнин халық байрамы сыпатында көрсетип, әййям тымсалын улығлаўға хызмет етти.

Қаланың орайлық көшелери бойлап дерлик 5 километрлик аралықта әскерий намалар, жаўынгерлик қосықлар атқарылды. Әскерлердиң басылып атырған нық қәдемлерине, салтанатлы кийимлерине ҳәўес ҳәм әрман менен қараған жаслар, исенимли қалқанымыз бар екенлигинен және бир мәрте хабардар болды. Ашық аспанымыз астында елимизде ҳүким сүрип турған тынышлыққа шүкиршилик келтирип атырған жасы үлкенлердиң кеўилинде қәтержамлық оянды.

Сап тартып пияда жүриўге Нөкис қаласында жайласқан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан республикаларының 55 метрлик бийикликте орнатылған қос байрақлары орналасқан майданда жуўмақ жасалып, илаж концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери ҳәм әскерий оркестр тәрепинен атқарылған нама ҳәм қосықлар жыйналғанларға байрамға сай кейпият бағышлады. Арқа-Батыс әскерий округиниң ҳүрметли қараўыл взводының мүддетли әскерий хызметкерлери тәрепинен көрсетилген сап тартыўлары ҳәм қол урысы көргизбели шығыўлары да байрамға өзгеше гөззаллық бағышлады.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги