Аралбойы экономикасына инвестицияларды тартыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов усы күнлерде Қытай Халық Республикасында болып турыпты.
Ушырасыўлар даўамында еки тәреплеме пайдалы бирге ислесиў бағдарларын додалаў ҳәм жаңа жойбарлар бойынша әҳмийетли келисимлерди әмелге асырыў мақсет етилген. Энергетика ҳәм санаат, аўыл хожалығы, технология ҳәм инновациялық тараўларда инвестиция киргизиў бойынша келисимлер көрип шығылмақта.
Өз гезегинде қытайлы исбилерменлер мәмлекетимиздеги инвестициялық орталық ҳәм экономикалық реформаларға жоқары баҳа берди. Олар өзлери менен бирге заманагөй технологиялар, қаржылай ресурслар ҳәм халықаралық тәжирийбе алып келиўге таяр екенлигин билдирди.
***
Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкис қаласы бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен алып барылған орынлаў ҳәрекетлериниң нәтийжесинде улыўма мийрастан пуқараға тийисли болған үлес өндирип берилди.
Пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық судының 2024-жыл 13-майдағы қарарына тийкарланып қарыздар Т.Б. дан өндириўши Е.Т. пайдасына улыўма мийрастан үлеси ушын 68 миллион 895 мың 834 сум өндириў белгиленген.
Бул судтың қарары Мәжбүрий орынлаў бюросы Нөкси қаласы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түскен ҳәм орынлаў ҳәрекетлери алып барылды. Соның ишинде, быйылғы жылдың 9-январь күни пуқараға мийрастан тйисли 68 миллион сумнан аслам пулы қарыздардан өндирип берилип, суд қарарының орынланыўы тәмийинленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги