Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебинде Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығы мүнәсибети менен «Уллы ойшыл ҳәм илимпаз» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Илажда сөзге шыққанлар ҳәм баянатшылар уллы илимпаз, ойшыл Әбиў Райхан Берунийдиң жасларға өрнек болған өмири ҳәм дөретиўшилиги, сийрек гезлесетуғын шығармалары, айрықша ойлап табыўлары менен илим ҳәм мәденияттың раўажланыўына қосқан үлеси ҳаққында айтып өтти.
Соң мектеп оқыўшылары тәрепинен өзбек халық намалары, аяқ ойынлары атқарылып, ҳәр қыйлы сахналық көринислер қойып берилди. Театр өнери ҳәм музыка теориясы бөлиминиң оқыўшылары ҳикметли сөзлерден үлгилер оқыды.
Сәне мүнәсибети менен «Уллы ойшыл ҳәм илимпаз» атамасында Әбиў Райхан Берунийдиң портретин салыў бойынша таңлаў өткерилип, бунда жеңимпаз болған Р.Мақсетбаев, Ф.Жуманиязова, Е.Байзақовларға Ҳүрмет жарлықлары ҳәм саўғалар тапсырылды.
-Бүгинги күнде мектебимизде 14 бағдар бойынша 375 оқыўшы билим алмақта. Оларға 150 оқытыўшы тәлим-тәрбия берип келмекте, -дейди мектеп директорының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Б.Қайпов. – Оқыўшыларымыз уллы ата-бабаларымыздың мийнетлери, өмири менен танысып, олардан ҳәр тәреплеме үлги алыўы ушын мектебимизде усындай руўхый-ағартыўшылық илажлар, көркем өнер ғайраткерлери, мәденият хызметкерлери, жәмийетлик искерлер менен ушырасыўлар өткерип турамыз. Президентимиздиң «Уллы ойшыл ҳәм энциклопедист-алым Әбиў Райхан Беруний туўылғанының 1050 жыллығын халықаралық көлемде кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында өткерилген бүгинги илажымыз да оқыўшыларымыз ушын үлкен байрам болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги