Нөкис қаласындағы Республикалық Балалар китапханасында уллы шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, өзбек әдебиятының тийкарын салыўшылардың бири, ғәззел мүлкиниң султаны Мир Әлийшер Наўайының туўылғанының 582 жыллығына бағышланып, «Наўайы мийрасхорлары» атамасында көркем-әдебий кеше өткерилди.

Оған китапхана хызметкерлери менен бирге Хожели районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң муғаллимлери ҳәм оқыўшылары қатнасты.




Кешеде Республикалық балалар китапхананың бөлим баслығы Инкар Әметова, 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң өзбек тили пәни муғаллими Гүлнара Аймуратова, үгит-нәсиятшысы Мийригүл Ембергеновалар шығып сөйлеп, Наўайының өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында кеше қатнасыўшыларына кең түрде айтып берди.

-6-12-февраль күнлери пүткил елимиз бойлап Наўайы ҳәм Бабур ҳәптелиги деп белгиленди,-дейди бизге республикалық балалар китапханасының мәдений-ғалабалық илажлар өткериў бөлими баслығы Айсулыў Аманғалиева.-Сонлықтан бизлер ҳәр күни китапханамызда китап оқыўшыларымыз бенен биргеликте усы ҳәптелик шеңберинде көркем әдебий кешелер өткерип атырмыз. Мақсетимиз өсип киятырған жас әўладқа өтмиштеги уллы бабаларымыздың әдебий мийрасларын үйретиў болып есапланады.

Кешеде мектеп оқыўшылары тәрепинен Наўайы шығармаларынан үзиндилер оқылып, бул жыйналғанларда жақсы тәсирлер қалдырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы