Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы пәрманының жойбарында айтылмақта.

2023-2024-оқыў жылынан баслап республикамыздың барлық ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында баслаўыш класс оқыўшыларын бийпул аўқат пенен тәмийинлеў жолға қойылады. Нәтийжеде, усы жылы бийпул аўқат бериў системасы менен 2,5 миллион оқыўшыны қамтып алыў ҳәм усы мақсетлерге 2,7 триллион сўмға шамалас қаржы ажыратылады.

Мағлыўмат ушын, 2022-жылы Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында бул система менен 273 мың оқыўшы қамтып алынды.

ӨзА